Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet2/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

6 -статья. Демократизм принципи
Жәмийетлик бирлеспелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары ямаса жәмәәтлер жынаят ислген шахслардың тәртибин дүзеў исинде нызамда нәзерде тутылған жағдайларда тартылыўы мүмкин.

7-статья. Инсанийлық принципи
Жаза ҳәм басқа ҳуқықый тәсир шаралары физикалық азап бериў ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиў мақсетин гөзлемейди.
Жынаят ислеген шахсқа әдеп-икрамлылық жақтан дүзелиўи ҳәм жаңа жынаят ислеўиниң алдын алыў ушын зәрүр ҳәмде жетерли болатуғын жаза тайынланыўы ямаса басқа ҳуқықый тәсир шарасы қолланылыўы керек..
Жазалаўдан гөзленген мақсетке усы Кодекстиң Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьятларында нәзерде тутылған жеңилрек шараларды қолланыў арқалы ерисиўге болмайтуғын жағдайда ғана аўыррақ жаза шаралары тайынланыўы мүмкин.

8-статья. Әдиллик принципи
Жынаят ислеўде айыплы болған шахсқа қолланылатуғын жаза ямаса басқа да ҳуқықый тәсир шарасы әдил болыўы, яғный жынаяттың аўыр-жеңиллигине, айыптың ҳәм шахстың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесине сәйкес болыўы керек.
Ҳеш ким бир жынаяты ушын еки рет жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес.

9 -статья. Айып ушын жуўапкершилик принципи
Шахс нызамда белгиленген тәртипте айбы дәлилленген жәмийетлик қәўипли қылмыслары ушын ғана жуўапкер болады.

10 -статья. Жуўапкершиликтиң сөзсиз болатуғынлығы принципи
Қылмысында жынаят қурамының бар екенлиги анықланған ҳәр бир шахс жуўапкерштликке тартылыўы шәрт.

II БАП. КОДЕКСТИҢ ҲӘРЕКЕТ ЕТИЎ ШЕГАРАСЫ

11-статья. Кодекстиң Өзбекстан аймағында жынаят ислеген шахсларға ҳәрекет етиўи
Өзбекстан аймағында жынаят ислеген шахс усы Кодекс бойынша жуўапкершиликке тартылады.
Қылмыс :
а) Өзбекстан аймағында басланған, тамамланған ямаса тоқтатылған болса ;
б) Өзбекстан аймағынан сыртта исленип, жынайый ақыбети болса, Өзбекстан аймағында жүз берген болса ;
в) Өзбекстан аймағында исленип, жынайый ақыбети болса, Өзбекстан аймағынан сыртта жүз берген болса ;
г) бир неше қылмыслардан ибарат ямаса басқа қылмыслар менен биргеликте исленген болып, оның бир бөлеги Өзбекстан аймағында жүз берген болса, Өзбекстан аймағында исленген жынаят деп табылады.
Өзбекстан байрағы астында ямаса Өзбекстан портында дизимге алынған ҳаўа, теңиз ямаса дәрья кемеси Өзбекстан аймағынан сыртта болып, сырт ел мәмлекетиниң аймағы есапланбайтуғын жерде жынаят ислесе, бундай жынаят ушын усы Кодекс бойынша жуўапкершиликке тартылады.
Әмелдеги нызамлар, халық аралық шәртнамалар ямаса питимлерге муўапық сырт ел пуқаралары жуўапкершилиги ҳаққындағы мәселе Өзбекстан Республикасы судына тийисли болмаса, олар Өзбекстан Республикасы аймағында жынаят ислеген жағдайда, халық аралық ҳуқық нормаларына муўапық шешиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling