Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Абайсыздан исленген жынаят


Download 340.7 Kb.
bet6/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

22-статья. Абайсыздан исленген жынаят
Өз-өзине исениў яки бийпарўалықтан исленген жәмийетлик қәўипли қылмыс абайсызлық пенен исленген жынаят деп табылады.
Егер жынаятты ислеген шахс өз ҳәрекетиниң нызамда нәзерде тутылған жәмийетлик қәўипли ақыбетлер келтирип шығарыўы мүмкиншилигине көзи жете турып, ықтыятсызылық шараларына саналы түрде сақламаған ҳалда бундай ақыбетлер келип шықпаўына тийкарсыз үмит еткен болса, бундай жынаят өз-өзине исениў ақыбетинде исленген деп табылады.
Егер жынаят ислеген шахс өз ҳәрекетиниң нызамда нәзерде тутылған жәмийетлик қәўипли ақыбетлер келтирип шығарыўы мүмкиншилигине көзи жетпесе де, бирақ көзи жетиўи лазым ҳәм мүмкин болса, бундай жынаят бийпарўалықтан исленген деп табылады.

23-статья. Қурамалы айыплы жынаят
Егер шахстың қасттан жынаят ислеўи нәтийжесинде абайсызлықтан басқа жәмийетлик қәўипли ақыбетлер пайда болса ҳәм бул қылмыс нызамда қатаңрақ жуўапкершилик пенен байланыслы болса, бундай жынаят қасттан исленген деп табылады.

24-статья. Айыпсыз ҳалда зыян келтириў
Егер шахс өз қылмысының жәмийетлик қәўиплилик мәнисин аңламаған, аңғарыўы мүмкин ҳәм лазым де болмаған яки оның жәмийетке қәўипли ақыбетлерине көзи жетпеген ҳәм истың жағдайларына көре көзи жетиўи мүмкин ҳәм лазым да болмаған болса, бундай қылмыс айыпсиз ҳалда исленген деп табылады.

VI БАП. ТАМАМ БОЛМАҒАН ЖЫНАЯТ

25-статья. Жынаятқа таярлық көриў ҳәм жынаят ислеўге қастыянлық
Шахстың қастан исленетуғын жынаятты ислеў ямаса жасырыў ушын шәрт-шәраят жаратыўшы қылмысы өзине байланыслы болмаған жағдайларға көре ислениўи басланғанға дейин тоқтатылған болса, бундай қылмыс жынаятқа таярлық көриў деп табылады.
Қасттан исленетуғын жынаят басланып, шахсқа байланыслы болмаған жағдайларға бола ақырына жеткерилмеген болса, жынаят ислеўге қастыянлық деп табылады.
Жынаятқа таярлық көриў ҳәм жынаят ислеўге қастыянлық етиў ушын жуўапкершилик де усы Кодекс Арнаўлы бөлеминиң тамам болған жынаят ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын статьясына муўапық шешиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling