Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жынаятта қатнасқан шахслардың жуўапкершилик шегарасы


Download 340.7 Kb.
bet8/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

30-статья. Жынаятта қатнасқан шахслардың жуўапкершилик шегарасы
Шөлкемлестириўши, қызықтырыўшы ҳәм жәрдемшилер де усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң орынлаўшыны жуўапкершиликке тартыў ушын белгиленген статьясы бойынша жуўапкерштликке тартылады.
Алдын ала тил бириктирген топар, шөлкемлескен топар ҳәм жынайый бирлеспелердиң шөлкемлестириўшилери ҳәм де ағзалары таярлық көрилген ямаса ислениўинде өзлери қатнасқан барлық жынаятлар ушын жуўапкершиликке тартылады
Шөлкемлескен топар яки жынайый бирлеспе яки оларға басшылық еткен шахслар усы топар яки бирлеспе ислеген барлық жынаятлар ушын, егер, бул жынаятлар олардың жынайый нийети менен қамтып алынған болса, жуўапкершиликке тартылады
Басқа қатнасыўшылардың жынайый нийети менен қамтып алынбаған қылмыс ушын оны ислеген шахс жуўапкер болады.
Шөлкемлестириўши, қызықтырыўшы ямаса жәрдемши жынаяттан ықтыярый түрде бас тартқан, жынаяттың алдын алыў ушын өзине байланыслы болған барлық шараларды ўақытында көргенлиги, жынаятта қатнасыўшылық ушын жуўапкерштликти бийкарлайды.

31-статья. Жынаятқа қатнасық
Жынаятқа таярлық көрилип атырылғанлығы, жынаят исленип атырғанлығы яки жүз бергенлиги ҳаққында анық биле турып, алдын ала ўәде бермеген ҳалда, ҳәкимият органларына хабар бермеў, усы Кодекстиң 1551 ҳәм 241-статьяларында нәзерде тутылған жағдайларда ғана жуўапкершиликке себеп болады.
Жынаятшы, жынаят ислеў қуралын ҳәм затларын, жынаят излерин яки жынайый жол менен қолға киргизилген нәрселерди алдын ала ўәде берместен жасырыў усы Кодекстиң 241-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда ғана жуўапкершиликке себеп болады.
Алдын ала ўәде берместен жынаят ҳаққында хабар бермеў ямаса жынаятты жасырғаны ушын гүманланыўшы, айыпланыўшы яки судланыўшының жақын туўысқанлары жуўапкершиликке тартылмайды.


VIII БАП. БИР НЕШЕ ЖЫНАЯТ ИСЛЕЎ

32-статья. Тәкираран жынаят ислеў
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң бир статьясында, бөлиминде, Кодексте бөлек көрсетилген жағдайларда болса, түрли статьяларында нәзерде тутылған еки ямаса бир неше жынаятты шахс түрли ўақытларда ислеген, бирақ олардың ҳеш бири ушын да судланған болмаса, тәкираран жынаят ислеў деп табылады. Тамам болған жынаят та, жазаға сазаўар болған жынаятқа таярық көриў ямаса жынаят ислеўге қастыянлық етиў де, сондай-ақ қатнасыўшылықта жынаят ислеў де тәкираран жынаят ислеў деп табылады.
Егер шахс алдын ислеген қылмысы ушын жуўапкершиликтен ямаса жазадан азат етилген болса, жынаят тәкираран исленген деп табылмайды.
Улыўма қаст пенен қамтып алынған ҳәм бирден-бир мақсетке қаратылған бир жынаят қурамын дүзетуғын бир-бирине уқсас бир неше жынайый қылмыслардан ибарат болған (даўамлы) жынаят тәкираран исленген деп табылмайды.
Ўазыйпаларын узақ ўақыт даўамында орынламаўдан ибарат болып, бир жынаяттың үзликсиз қурамын дүзетуғын (узаққа созылған) жынаят тәкираран исленген деп табылмайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling