39-статья. Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаў ўақтында зыян келтириў
Жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсты ҳәкимият органларына тапсырыў мәқсетинде услаў ўақтында оған зыян келтириў, егер оны услаў ушын зәрүр болған шаралардың шегарасынан шетке шықпаған болса, жынаят деп табылмайды.
Услаў қураллары ҳәм усылларына, қылмыстың ҳәмде оны ислеген шахстың қәўиплилик дәрежесине, сондай-ақ услаў шәраятына пүткиллей муўапық келмейтуғын, услаў зәрүрлигин талап етпеген жағдайда усланып атырған шахсқа қасттан зыян келтириў услаў шаралары шегарасынан шетке шығыў деп табылады.
Жәмийетлик қәўипли қылмысты ислген шахсты услаў ўақтында оған келтирилген зыянның нызамлылығын баҳалаўда, қылмысты ислеген шахстың услаўдан қашыў мәқсетинде қылған ҳәрекетлери, услаўшының күши ҳәм имканиятлары, руўхый жағдайы ҳәм услаў менен байланыслы болған басқа жағдайлар есапқа алынады.
Арнаўлы ўакилликли шахслар менен бир қатарда жәбирлениўши ҳәм басқа пуқаралар да жәмийетлик қәўипли қылмысты ислеген шахсты услаў ҳуқықына ийе есапланады.
40 -статья. Буйрық ямаса басқа ўазыйпаны орынлаў
Шахстың буйрық ямаса басқа бийликти, сондай-ақ лаўазым ўазыйпаларын нызамлы орынлаўы себепли зыян келтирилген болса, жынаят деп табылмайды.
Жынайыйлығы алдынан белгили болған буйрық ямаса басқа бийликти орынлап, жынаят ислеген шахс, улыўма тийкарларда жуўапкершиликке тартылады.
Нызамсыз түрде берилген буйрық ямаса бийликти ямаса лаўазым ўазыйпасын орынламаған ямаса бузған шахс жуўапкершиликке тартылмайды. Шахстың ислеген қылмысында басқа бир жынаят қурамының барлық белгилери бар болса ғана, ол жуўапкершиликке тартылады.
41-статья. Кәсип ямаса хожалық искерлигине байланыслы тийкарлы тәўекелшилик
Жәмийетлик пайдалы мақсетке ерисиў ушын кәсип ямаса хожалық искерлигине байланыслы тийкарлы тәўекелшилик етип, ҳуқықлар ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерге зыян келтириў жынаят деп табылмайды.
Егер исленген ҳәрекет заманагөй илимий-техника билимлери ҳәм тәжирийбелерине муўапық келген, қойылған мақсетке болса, тәўекел етпей ерисиўдиң ылажи болмаған ҳәм де шахс ҳуқықлар ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерге зыян келтириўиниң алдын алыў ушын тийисли шараларды көрген болса, бундай тәўекелшилик тийкарлы деп табылады.
Кәсип ямаса хожалық искерлигине байланыслы тийкарлы тәўекелшилик етиў гөзленген жәмийетлик пайдалы нәтийжеге ерисилмеген ҳәм келтирилген зыян жәмийетлик пайдалы мақсетке ерисиў нәтийжесинде алыныўы мүмкин болған пайдалы нәтийжеден көбирек болған тәғдирде де келтирилген зыян жуўапкершиликке себеп болмайды.
Тәўекелшилик адамлардың набыт болыў қәўипи, экологиялық апатшылық ямаса басқа аўыр ақыбетлердиң келип шығыў мүмкинлигин биле турып исленген болса, тийкарлы деп табылмайды.
Исбилерменлик субъектлериниң өзлерине көрсетилген хызметлер, сондай-ақ берилген кредитлер бойынша банклер ҳәм басқа финанс шөлкемлери алдындағы шәртнама миннетлемелерин исбилерменлик тәўекелшиликлери ҳәмде тағы басқа коммерция тәўекелшиликлери менен байланыслы орынламағанлығы банклер ҳәм басқа финанс шөлкемлери хызметкерлерин жынайый жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |