Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet19/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

571-статья. Айыпкер өз қылмысына әмелде пушайман болғанда жаза тайынлаў
Усы Кодекс 55-статьясы биринши бөлиминиң «а» ҳәм «б» бәнтлеринде нәзерде тутылған жазаны жеңиллестириўши жағдайлар бар болса ҳәм усы Кодекс 56-статьясының биринши бөлиминде нәзерде тутылған жазаны аўырластырыўшы жағдайлар болмаған жағдайда жаза мүддети ямаса муғдары усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған ең көп жазаның үштен еки бөлегинен аспаўы керек. Усы қағыйда жуўапкершиликти аўырластырыўшы жағдайларда қасттан адам өлтириў (97-статьяның екинши бөлими) ҳәм терроризм (155-статьяның үшинши бөлими) менен байланыслы жынаятларды ислеген шахсларға қолланылмайды.


572-статья. Айбын тән алғанлығы ҳаққында келисиў дүзилген жынаятлар бойынша жаза тайынлаў
Айбын тән алғанлығы ҳаққында келисиў дүзилген жынаятлар бойынша тайынланатуғын жазаның мүддети яки муғдары усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған ең көп жазаның ярымынан аспаўы керек.

58-статья. Тамам болмаған ҳәм қатнасыўшылықта исленген жынаятлар ушын жаза тайынлаў

Суд тамам болмаған жынаят ушын жаза тайынлаўда жаза тайынлаўдың улыўма тийкарлар басшылыққа алыўы менен бирге жынаяттың аўыр-жеңилин, жынайый нийеттиң әмелге асырылыў дәрежесин ҳәм жынаятты ақырына жеткере алмағанлығы себеплерин есапқа алады.


Жынаятқа таярлық яки жынаятқа қастыянлық ушын жазаның мүддети ямаса муғдары усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған ең көп жазаның төрттен үш бөлимнен аспаўы керек. Усы қағыйда :
оғада қәўипли рецидивистлерге, шөлкемлескен топар ямаса жынайый бирлеспе ағзаларына ;
тынышлық ҳәм қаўипсизликке қарсы тамам болмаған жынаятлары ушын, сондай-ақ:
жуўапкершиликти аўырластырыўшы жағдайларда қасттан адам өлтириў ;
он төрт жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған жәбирлениўшиниң ар-намысына тийиў ямаса оған қарата зорлық ислетип, жынысый талапты ғайрытәбиий усылда қандырыў ;
ядролық, химиялық, биологиялық ҳәм басқа түрдеги ғалабалық қырғын қуралларын, бундай қурал жаратыўда пайдаланыў мүмкинлиги белгили болған материалларды ҳәм де үскенелерди, радиоактив материалларды контрабанда етиў менен байланыслы болған жынаятлар ушын жазалар тайынлаўда қолланылмайды.
Тамам болмаған жынаятлар ушын өмирлик еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин емес.
Қатнасыўшылықта исленген жынаят ушын жаза тайынлаўда суд ҳәр бир айыпкердиң жынаятта қатнасқанлық дәрежесин есапқа алады. Ҳәр бир қатнасыўшының шахсына тийисли болған жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайлар суд тәрепинен тек сол қатнасыўшының өзине жаза тайынлаўда есапқа алады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling