Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet15/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

47-статья. Хызмети бойынша шеклеў
Хызмет бойынша шеклеў — әскерий хызметти контракт тийкарында өтип атырған әскерий хызметкерди суд ҳукминде көрсетилген мүддет даўамында белгили ҳуқықлар ҳәм жеңилликлерден айырыў, пул тәмийнатының он пайызынан отыз пайызына дейин болған муғдарда мәмлекет есабына услап қалыўдан ибарат.
Хызмет бойынша шеклеў жаза шарасы усы Кодекс Арнаўлы бөлеминиң статьясында нәзерде тутылған жағдайларда еки айдан үш жылға дейин мүддетке тайынланады. Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаят ямаса аўыр ақыбетлерди келтирип шығармаған абайсызлықтан исленген жынаят ушын суд истиң жағдайлары ҳәм судланыўшының шахсын есапқа ала отырып үш жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў яки мийнет пенен дүзетиў жазасы орнына усы мүддетке хызмети бойынша шеклеў жазасын қолланыўы мүмкин.
Хызмет бойынша шеклеў жазасын өтеў мүддети даўамында судлаған шахстың лаўазымын, әскерий ямаса арнаўлы атағын асырыў мүмкин емес, жазаны өтеген ўақыт болса, оның көп жыл ислегени, гезектеги әскерий яки арнаўлы атақ ҳәм де пенсия алыў ушын тийкар болатуғын хызмет мүддетине қосылмайды.

481-статья. Еркинликти шеклеў
Еринликти шеклеў суд тәрепинен судланған шахсқа жасаў орнын қандайда бир себеплер менен шығып кетиўды пүткиллей қадаған етиўден ямаса сутканың белгили бир ўақтында жасаў орнынан шығыўды шеклеўден ибарат.
Екинликти шеклеў бир айдан бес жылға шекем мүддетке тайынланады ҳәмде суд тәрепинен белгиленетуғын органлар бақлаўында өтеледи. Еркинликти шеклеў, судланыўшының жасаў орнында өтеў шәртлери,исленген қылмыстың сыпаты ҳәм суд шығарған қарарды орынлаўдан бас тартыўдың алдын алыў есапқа алынған ҳалда суд тәрепинен тайынланады.
Қолланылып атырған шеклеўдиң сыпатын есапқа алған ҳалда, суд судланыўшыға төмендеги қосымша шеклеўлерди жүклеўи мүмкин:
белгили бир орынларға бармаў
ғалабалық ҳәм басқа илажлар өткериўде қатнаспаў;
белгили искерлик пенен шуғылланбаў;
белгили буйымларға ийе болмаў ямаса оларды өзинде сақламаў;
транспорт қуралын басқармаў;
жазаны өтеп атырған шахсларды бақлаўшы органның разылығысыз жасаў орнын, жумыс ҳәм (яки) оқыў орнын өзгертпеў, тийисли ҳәкимшилик аймақғынан тысқары шықпаў ;
белгили бир шахслар менен байланыс орнатпаў;
байланыс қуралларыннан, сондай-ақ Интернеттен пайдаланбаў;
алкогольли ишимликлерди тутынбаў.
Суд еркинликти шеклеўге ҳүким қылынған шахсқа өзи келтирген материаллық ҳәм руўхый зыянның орнын қаплаў, жумысқа ямаса оқыўға жайласыў миннетлерин, сондай-ақ оның дүзелиўине көмеклесиўши басқа миннетлемелерди жүклеўи мүмкин.
Егер еркинликти шеклеўге ҳүким етилген шахс жазаны өтеў дәўиринде өзиниң жынайый қылмысларын аңлап жеткен, дүзелиў жолына қатаң өткен, келтирилген материаллық ҳәм руўхый зыянның орнын қоплаған болса, суд судланған шахсқа алдын тайынланған шеклеўлерди толық яки бир бөлимин бийкарлаўы мүмкин.
Судланған шахс еркинликти шеклеў жазасын өтеўден қасттан бас тартқан, сондай-ақ суд тәрепинен өзине жүкленген миннетлерди орынламаған тәғдирде, суд еркинликти шеклеў жазасының өтелмей қалған мүддетин басқа түрдеги жаза менен алмастырыўы мүмкин. Жазаны өтеўден бас тартқан ўақты өтелген жаза мүддетине қосып есапланбайды.
Еркинликти шеклеў әскерий хызметкерлер, сырт ел пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасында турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларға тайынланбайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling