Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Жазаны аўырластырыўшы жағдайлар


Download 340.7 Kb.
bet18/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

56 -статья. Жазаны аўырластырыўшы жағдайлар
Төмендеги жағдайларда жынаят ислеўде жазаны аўырластырыўшы жағдайлар деп табылады :
а) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялларға;
б) жас бала, қартайған ямаса әззи жағдайдағы шахсқа;
в) хызмет ўазыйпасы ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен шахсқа ямаса оның жақын туўысқанларына;
г) айыпкерге материаллық жақтан, хызмет тәрепинен ямаса басқа тәрептен қараслы шахсқа;
д) оғада жаўызлық пенен;
е) көпшилик ушын қәўипли болған усылда ;
ж) жас бала ямаса руўхый кеселлиги айыпкерге белгили болған шахстан пайдаланып
з) жынаят нәтийжесинде аўыр ақыбетлердиң келип шыққанлығы ;
и) улыўма аппатшылық шәраятынан пайдаланып ямаса айрықша жағдай ўақтында ямаса ғалабалық тәртипсизликлер дәўиринде;
к) дәмегөйлик ямаса басқа да пәс нийетлерде;
л) рассалық ямаса миллий душпанлық ямаса жек көриўшилик тийкарында;
м) бир топар шахслар тәрепинен алдын ала тил бириктирип ямаса шөлкемлескен топар ямаса жынайый бирлеспе тәрепинен;
н) илгери қасттан жынаят ислеген шахстың тәкираран ямаса қасттан жаңа жынаят ислеўи;
о) мәс жағдайында ямаса нәшебентлик, олардың аналоглри, психотроп ямаса адамның ақыл-санасына тәсир етиўши басқа заттлар тәсири астында жынаят ислеў.
Суд исленгенн жынаяттың белгилерин итибарға алып, усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларды аўырластырыўшы жағдай деп есапламаўы да мүмкин.
Суд жаза белгилеўде усы статьяда нәзерде тутылған жағдайлардан басқа жағдайларды аўырластырыўшы жағдай деп табыўы мүмкин емес.
Бул жағдайлар Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында жынаят қурамының зәрүрли белгиси ретинде нәзерде тутылған болса, жаза белгилеўде есапқа алынбайды.

57-статья.Жеңилрек жаза тайынлаў
Суд исленген жынаяттың жәмийеилик қәўиплилик дәрежесин айтарлықтай кемейтириўши жағдайларды итибарға алып, айрықша жағдайларда усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында нәзерде тутылған усы жынаят ушын белгиленген жазаның ең кем бөлиминен де кемрек ямаса усы статьяда нәзерде тутылмаған басқа жеңилрек түрдеги жазаны тайынлаўы мүмкин.
Суд усы тийкарларды итибарға алып, усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында қолланылыўы шәрт деп көрсетилген қосымша жазаны тайынламаўы да мүмкин.
Исленген қылмыстың сыпатларын көрсетиўши жағдайлар, яғный айыпкердиң шахсы, айыбының түри ҳәм дәрежеси, жынаят ислеў шәраяты ҳәм себеплери, шахстың жынаятты ислегенге дейинги ҳәм оннан кейинги минез-қулқы жынаяттың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин айтарлықтай кемейтириўши жағдайлар деп табылыўы мүмкин.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling