Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Бир неше жынаят ушын жаза тайынлаў


Download 340.7 Kb.
bet20/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

59 -статья. Бир неше жынаят ушын жаза тайынлаў
Шахс Арнаўлы бөлимиң ҳәр түрли статьяларында нәзерде тутылған еки ямаса оннан артық жынаятты ислеген болып, олардан ҳеш бири ушын судланған болмаса, суд усы Кодекстиң 54-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық ҳәр бир жынаят ушын жаза тайынлап, тайынланған жеңилрек жазаны аўырлаўы менен қаплаў ямаса тайынланған жазаларды толық ямаса бир бөлимин қосыў жолы менен жынаятлар жәми бойынша жаза тайынлайды.
Егер жынаятлар жәми тек жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаятлар ҳәм онша аўыр болмаған жынаятлар қураса, бул жағдайда тайынланған жеңиллеў жазаны аўырлаўы менен қаплаў ямаса тайынланған жазаларды толық ямаса бир бөлимин қосыў жолы менен жаза үзил-кесил тайынланады. Бунда үзил-кесил тайынланған жаза исленген жынаятлардан ең аўырлаўы ушын нәзерде тутылған ең көп жаза мүддетинен ямаса муғдарынан артық болмаўы керек.
Егер жынаятлар жәмин қурайтуғын жынаятлардан ең болмағанда биреўи аўыр ямаса оғада аўыр жынаят болса, усы Кодекстиң Улыўма бөлиминде усы жаза түри ушын белгиленген шеңберде тайынланған жазаларды толық ямаса бир бөлимин қосыў жолы менен жаза үзил-кесил тайынланады.
Исленген жынаятлардан биреўине өмирлик еркинен айырыў жазасы тайынланғанда жеңиллеў түрдеги жазаны өмирлик еркинен айырыў жазасы менен қаплаў арқалы жаза үзил-кесил тайынланады.
Исленген жынаятлардан биреўи ушын узақ мүддетли еркинен айырыў жазасы тайынланғанда жазаларды толық ямама бир бөлимин қосыў ямаса жеңиллеў жазаны аўырлаўы менен қаплаў арқалы жаза үзил-кесил тайынланады.
Жынаятлар жәми бойынша ҳәр түрлы түрдеги жазаларды қосыў жолы менен жаза тайынлаўда усы Кодекстиң 61-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға әмел етилип, жазаның аўырлаў түри үзил-кесил тайынланады.
Жынаятлар жәми бойынша тайынланған тийкарғы жазаға суд айырым жынаятлар ушын тайынланған қосымша жазаларды да қосыўы мүмкин. Бунда белгили ҳуқықтан айырыў жазасын үзил-кесил тайынланған мүддети усы Кодекстиң 45-статьясында нәзерде тутылған ең көп мүддеттен артық болмаўы керек.
Егер ис бойынша ҳүким шығарылғанынан кейин судланыўшының биринши иси бойынша шығарылған ҳукимге дейин исленген тағы басқа жынаятда айыпкер екенлиги анықланса да жаза сол тәртипте тайынланады. Бундай жағдайда жынаятлар жәми бойынша суд тәрепинен тайынланған жаза мүддетине биринши ҳүким бойынша жазаның өтелмеген бөлеги қосып есапланады.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling