63-статья. Жаза мүддетлерин есаплаў
Белгили ҳуқықтан айырыў, мийнет пенен дүзетиў жумыслары, хызмет бойынша шеклеў, қамаққа алыў, еркин шеклеў, интизамлық бөлимге жибериў, еркинен айырыў тәризиндеги жазалардың мүддетлери айлар ҳәм жыллар менен есапланады. Жазаларды алмастырыў, есаплаў, қосыў ўақтында олардың мүддетлери суткалар менен есапланыўы мүмкин.
Мәжбурий жәмийетлик жумыслары түриндеги мүддетлери саатлар менен есапланады.
БЕШИНШИ БӨЛИМ
ЖУЎАПКЕРШИЛИКТЕН ҲӘМ ЖАЗАДАН АЗАТ ЕТИЎ
ХII бап. ЖУЎАПКЕРШИЛИКТЕН АЗАТ ЕТИЎДИҢ ТҮРЛЕРИ
64-статья. Жуўапкершиликке тартыў мүддетиниң өтип кеткенлиги мүнәсебети менен жынаят ушын жуўапкершиликтен азат етиў
Егер жынаят исленген күннен баслап төмендеги мүддетлер:
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаят исленген күннен баслап — еки жыл ;
б) онша аўыр болмаған жынаят ислеген күннен баслап — төрт жыл ;
в) аўыр жынаят ислеген күннен баслап — сегиз жыл ;
г) оғада аўыр жынаят ислеген күннен баслап — он төрт жыл өткен болса, шахс жуўапкершиликтен азат етиледи.
Жуўапкершиликке тартыў мүддети жынаят исленген күннен баслап ҳүким нызамлы күшке кирген кунге шекем есапланады.
Егер жынаят ислеген ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылған шахс тергеў ямаса судтан жасырынса, мүддеттиң өтиўи тоқтатылады. Айыпкер усланған ямаса айбын мойнына алған күннен баслап мүддеттиң өтиўи қайтадан тикленеди.
Егер аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислеген шахс усы статьяда нәзерде тутылған мүддетлер өтпей қасттан жаңа жынаят ислесе, мүддеттиң өтиўи узиледи. Бундай жағдайда жуўапкершиликке тартыў мүддетлери жаңа жынаят исленген күннен баслап есапланады. Қалған жағдайларда, егер шахс жуўапкершиликке тартыў мүддетлери өтпей жаңа жынаят ислесе, бул мүддетлер ҳәр бир жынаят ушын өз алдына есапланады.
Егер жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаят исленген күннен баслап он жыл,аўыр ямаса оғада аўыр жынаят исленген күннен баслап жигирма бес жыл өткен болса, шахс жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес.
Усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң статьясында өмирлик еркинен айырыў жазасын тайынлаў нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахсқа, жуўапкершиликке тартыў мүддетлерин қоллаў мәселеси суд тәрепинен шешиледи. Егер суд жуўапкершиликке тартыў мүддетин қоллаўды лазым таппаса, өмирлик еркинен айырыў жазасы орнына еркинен айырыў жазасын тайынланады.
Усы статьяда нәзерде тутылған мүддетлер усы Кодекстиң 150 — 157-статьяларында, 158-статьясының биринши бөлимнде, 159-статьясының үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде, 160, 161 ҳәм 2442-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахсларға қолланылмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |