Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet14/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

451-статья. Мәжбурий жәмийетлик жумыслары
Мәжбурий жәмийетлик жумыслары судланған шахсты ҳақы төленбейтуғын пайдалы жәмийетлик жумысларын орынлаўға мәжбурий түрде тартыўдан ибарат есапланады. Судланған шахс жумыс ислеп атырған ямаса оқып атырған болса, мәжбурий жәмийетлик жумыслары жумыстан яки оқыўдан бос ўақытта өтеледи.
Судланған шахслар мәжбурий жәмийетлик жумысларын өтеўи мүмкин болған орынлар (объектлер) ҳәм мәжбурий жәмийетлик жумысларының түри усы жазаның орынланыўын қадағалаўшы органлар тәрепинен белгиленеди.
Мәжбурий жәмийетлик жумыслары бир жүз жигирма сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем болған мүддетке тайынланады ҳәм алты ай даўамында күнине төрт сааттан көп болмаған ўақытта, судланған шахсқа байланыслы болмаған жағдайлар жүзеге келген тәғдирде , бир жылға шекем болған мүддетке күнине төрт сааттан көп болмаған ўақытта өтеледи.
Мәжбурий жәмийетлик жумыслары пенсия жасына жеткен шахсларға, он алты жасқа толмаған шахсларға, ҳәмледар ҳаялларға, үш жасқа толмаған балалары бар ҳайалларға, биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахсларға, әскерий хызметкерлерге, сырт ел пуқараларына ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасамайтуғын шахсларға қолланылмайды.
Судланған шахс жазаны өтеўден бас тартқан жағдайда, суд мәжбурий жәмийетлик жумысларының өтелмеген мүддетин мәжбурий жәмийетлик жумысларының төрт саатын еркин шеклеўдиң яки еркинен айырыўдың бир күнине теңлестирген ҳалда есаплап, еркин шеклеў яки еркинен айырыў жазасы менен алмастырады. Жазаны өтеўден бас тартқан ўақыт жазаның өтелген мүддетине қосып есапланбайды.

46 -статья. Мийнет пенен дүзетиў жумыслары
Мийнет пенен дүзетиў жумыслары шахстың ис ҳақысының он пайыздан отыз пайызға дейинги муғдарын мәмлекет дәраматына услап қалған ҳалда оны мийнетке мәжбүрий тартыўдан ибарат болып, жаза суддың ҳукмине муўапық судланған шахстың өз жумыс орны ямаса усы жаза орынланыўын қадағалаўшы органлар белгилеп беретуғын басқа орынларда өтейди.
Мийнет пенен дүзетиў жумыслары алты айдан үш жылға шекем мүддетке тайынланады.
Мийнет пенен дүзетиў жумыслары пенсия жасына жеткенлерге, мийнетке жарамсызларға, ҳәмледар ҳаялларға, үш жасқа толмаған балалары бар ҳаялларға ҳәм әскерий хызметкерлерге қолланылмайды.
Егер шахс суд тәрепинен тайынланған мийнет пенен дүзетиў жумыслары мүддетиниң жәми болып оннан бир бөлегинен көбирегин өтеўден бас тартса, суд мийнет пенен дүзетиў жумысларының өтелмеген бөлегин усы мүддетке еркинен шеклеў ямаса еркинен айырыў жазасы менен алмастырады. Жазаны өтеўден бас тартқан ўақыт жазаның өтелген мүддетине қосып есапланбайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling