Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet13/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

44-статья. Жәрийма
Жәрийма айыпкерден мәмлекет дәраматына усы Кодексте белгиленген муғдарда пул өндириўден ибарат.
Жәрийма базалық есаплаў муғдарының бес есесинен алты жүз есесине дейин муғдарда белгиленеди.
Егер судланған шахс жаза ретинде тайынланған жәрийманы мәжбурий орынлаў ушын белгиленген мүддетлерде төлеўден бас тартса яки қарыздарда өндириў қаратылыўы мүмкин болған мал-мүлк жоқлығы себепли мәжбурий орынлаў ушын белгиленген мүддетлер даўамында жәрийманы өндириўдиң имкани болмаса, тап сондай кешиктириў мүддети тамамланғаннан кейин жәрийма төленбеген яки жәрийманы бөлип-бөлип төлеў шәртлери бузылған жағдайда, суд жәрийманың төленбеген муғдарын мәжбурий жәмийетлик жумыслары, мийнет пенен дүзетиў жумыслары, хызмет бойынша шеклеў, еркин шеклеў ямаса еркинен айырыў жазасы менен алмастырады. Бундай жағдайда мәжбурий жәмийетлик жумысларының еки ярым сааты базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги жәриймаға теңлестирилип, төрт жүз сексен сааттан көп болмаған мүддетке,мийнет пенен дүзетиў жумысларының, хызмет бойынша шеклеўдиң, еркин шеклеўдиң яки еркинен айырыўдың ҳәр бир айы базалық есаплаў муғдарының он алты есесиндеги жәриймаға теңлестирилип, үш жылдан көп болмаған мүддетке тайынланады.

45-статья. Белгили ҳуқықтан айырыў
Шахсты белгили ҳуқықтан айырыў суд тайынлаған мүддет даўамында айыпкердиң кәрханалар, мекемелер яки шөлкемлерде қандайда бир лаўазымды ийелеўин яки ол ямаса бул искерлик пенен шуғылланыўын қадағалаў ибарат. Сондай лаўазым яки искерликтиң түри суд тәрепинен айыплаў ҳукимде көрсетиледи.
Белгили ҳуқықтан айырыў айыпкердиң лаўазымы яки жумыс искерлиги менен тиккелей байланыслы болған жынаятты ислегени ушын тийкарғы жаза ретинде тайынланғанда — бир жылдан бес жылға шекем мүддетке, қосымша жаза ретинде тайынланғанда — бир жылдан үш жылға шекем мүддетке белгиленеди.
Егер белгили ҳуқықтан айырыў айыпкерге тийкарғы жаза ретинде тайынланбаған болса, бундай жаза суд тәрепинен усы Кодекс Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған ҳәр қандай түрдеги жазаға қосымша жаза түринде тайынланыўы мүмкин.
Белгили ҳуқықтан айырыў жазасы еркинен айырыў, интызамлық бөлемге жибериў жазасына қосымша жаза түринде тайынланған болса, тийкарғы жазаның пүткил мүддетине, буннан тысқары суд ҳукми менен белгиленген мүддетке дейин даўам етеди. Бул жаза басқа тийкарғы жазаларға қосымша жаза түринде тайынланғанда ҳәм судланған шахс шәртли ҳүким етилгенде оның мүддети ҳүким нызамлы күшке кирген ўақыттан баслап есапланады.
Исбилерменлик искерлиги менен шуғылланатуғын шахсларға исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыў ҳуқықынан айырыў түриндеги жаза тайынланбайды, бул ҳуқықтан айырыў адам өлиўине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса қолланылады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling