Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet5/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

18-статья. Ес-ақылы пүтинлик
Жынаят ислеген ўақтында өз ҳәрекетлериниң (ҳәрекетсизлигиниң) жәмийетлик қәўипли тәрепин аңлаған ҳәм оларды басқара алған шахс ақлы пүтин шахс болып табылады.
Жәмийетлик қәўипли қылмысты ислеген ўақтында ақлы зайыл жағдайда болған, яғный руўхый жағдайы созылмалы ямаса ўақтынша бузылғанлығы, ақлы зайыллығы яки басқа тәриздеги руўхый кесселлиги себепли өз ҳәрекетлериниң (ҳәрекетсизлигиниң) әҳмийетин аңлай алмаған ямаса оларды басқара алмаған шахс жуўапкершиликке тартылмайды.
Ақлы зайыллық жағдайында жәмийетлик қәўипли қылмыс ислеген шахсқа суд тәрепинен медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары қолланыўы мүмкин.


181-статья. Ес-ақлы пүтинликти бийкарламайтуғын тәризде руўхый жағдайы бузылған шахстың жуўапкершилиги
Жынаят ислеген ўақтында руўхый жағдайы бузылғанлығы себепли өз ҳәрекетлериниң (ҳәрекетсизлигиниң) әҳмийетин толық дәрежеде аңлай алмаған ямаса оларды басқара алмаған ес-ақлы пүтин шахс жуўапкершиликке тартылады.
Ес-ақлы пүтинликти бийкарламайтуғын тәрзде руўхый жағдайы бузылған шахсқа суд тәрепинен жаза менен бирге медициналық тәртиптеги мәжбүрлеў шаралары қолланыўы мүмкин.

19-статья. Мәс ҳалатында исленген жынаят ушын жуўапкершилик
Мәс ҳалатында яки нәшебентлик затлар, олардың аналоглары, психотроп яки адамның ақыл-жигерине тәсир етиўши басқа затлар тәсири астында жынаят ислеген шахс жуўапкершиликтен азат етилмейди. Бундай жағдай шахсты ақлы зайыл деп табыў ушын тийкар болмайды.

V БАП. АЙЫП

20 -статья. Айыптың формалары
Уcы Кодексте нәзерде тутылған жәмийетлик қәўипли қылмысты қасттан ямаса абайсызлық ақыбетинде ислеген шахс жынаят ислеўде айыплы деп табылыўы мүмкин.

21-статья. Қасттан исленген жынаят
Усы Кодекс статьясында жынаят тамам болған пайыт жәмийетлик қәўипли қылмыс исленген ўақыт деп есапланған болып, оны ислеген шахс өз қылмысының жәмийетлик қәўиплилик мәнисин аңлаған ҳәм сондай қылмысты ислеўди қәлеген болса, бундай жынаят қасттан исленген деп табылады.
Усы Кодекс статьясында жынаят тамам болған пайыт жәмийетлик қәўипли ақыбет жүз берген ўақыт деп табылған қылмыслар туўры ямаса қыя қасттан исленген болыўы мүмкин.
Егер шахс өз қылмысының жәмийетлик қәўипли мәнисин аңлаған, оның жәмийетлик қәўипли ақыбетлерине көзи жеткен ҳәм олардың жүз бериўин қәлеген болса, бундай жынаят туўры қасттан исленген деп табылады.
Егер шахс өз қылмысының жәмийетлик қәўипли мәнисин аңлаған, оның жәмийетлик қәўипли ақыбетлерине көзи жеткен ҳәм олардың жүз бериўине саналы түрде жол қойған болса, бундай жынаят қыя қасттан исленген деп табылады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling