15-статья. Жынаятларды классификациялаў
Жынаятлар өзиниң өзгешелиги ҳәм жәмийетлик қәўиплилик дәрежесине қарай: жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ; онша аўыр болмаған ; аўыр; оғада аўыр жынаятларға бөлинеди.
Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаятларға қасттан исленип, нызамда үш жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған жынаятлар, сондай-ақ абайсызлық ақыбетинде исленип, нызамда бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған жынаятлар киреди.
Онша аўыр болмаған жынаятларға қасттан исленип, нызамда үш жылдан артық, бирақ бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған жынаятлар, сондай-ақ абайсызлық ақыбетинде исленип, нызамда бес жылдан артық мүддетке еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған жынаятлар киреди.
Аўыр жынаятларға қасттан исленип, нызамда бес жылдан артық, бирақ он жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы нәзерде тутылған жынаятлар киреди.
Оғада аўыр жынаятлар қасттан исленип, нызамда он жылдан артық мүддетке еркинен айырыў ямаса өмирлик еркинен айырыў жазасы нәзерде тутылған жынаятлар киреди.
16 -статья. Жынаят ушын жуўапкершилик ҳәм оның тийкарлары
Жынаят ушын жуўапкершилик — жынаят ислеўде айыплы болған шахсқа суд тәрепинен ҳүким етиў, жаза ямаса басқа да ҳуқықый тәсир шарасы қолланыўда көринетуғын жынаят ислеўдиң ҳуқықый ақыбети болып табылады.
IV БАП. ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ ТАРТЫЛЫЎЫ ЛАЗЫМ БОЛҒАН ШАХСЛАР
17-статья. Физикалық шахслардың жуўапкершилиги
Жынаят ислегенге шекем он алты жасқа толған, ақлы пүтин физикалық шахслар жуўапкершиликке тартылады.
Жынаят ислегенге шекем он төрт жасқа толған шахслар усы Кодекстиң 97, 98, 104 — 106, 118, 119 -статьялары, 1261-статьясының төртинши — сегизинши бөлимлеринде, 137, 164 — 166, 169-статьятлары, 173-статясының екинши ҳәм үшинши бөлимлери, 220, 222, 247, 252, 263, 267, 271-статьятлары, 277-статьясының екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жынаятлар ушын жуўапкершиликке тартылады.
Усы Кодекстиң 122, 123, 1251-статьяларында, 1261-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде, 127, 1271, 1281, 144, 146, 193 — 195, 205 — 210, 225, 226, 230 — 232, 234, 235, 279 — 302-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлар ушын жынаят ислегенге шекем он сегиз жасқа толған шахслар жуўапкершиликке тартылады.
Он сегиз жасқа толғанға шекем жынаят ислеген шахслар улыўма қағыйдаларға муўапық ҳәм усы Кодекстиң Улыўма бөлими алтыншы бөлиминде нәзерде тутылған белгилерди есапқа алынған жағдайда жуўапкершиликке тартылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |