Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


V БАП ШАҢАРАҚҚА, ЖАСЛАРҒА ҲӘМ ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet45/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

V БАП ШАҢАРАҚҚА, ЖАСЛАРҒА ҲӘМ ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

122-статья. Ер жетпеген ямаса мийнетке жарамсыз шахсларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыў
Материаллық жәрдемге мүтәж болған ер жетпеген шахс ямаса мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартыў, яғный оларды материаллық тәрептен тәмийинлеў ушын суддың қарарына ямаса суд буйрығына муўапық өндирилиўи керек болған қаржы жәми болып еки айдан артық мүддет даўамында төлемеў, усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер шахс алимент миннетлемелери бойынша қарыздарлықты толық төлеген болса, ол жуўапкершиликтен азат етиледи.

1221-статья. Баланы шет мәмлекет аймағында қадағалаўсыз қалдырыў
Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болған баланы әке, ана ямаса олардың орын басыўшы шахс ямаса ғамхорлық етиўши шахс тәрепинен шет мәмлекет аймағында қадағалаўсыз қалдырыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса яки Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болған ҳәм шет мәмлекет аймағында турған баланың суд тәрепинен белгиленген мүддетте Өзбекстан Республикасы аймағына қайтарылыўын тәмийинлемеў, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса;
б) денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса ;
б) жәбирлениўшиниң өлимине себеп болса ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Егер шахс Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болған баланың Өзбекстан Республикасына қайтарылыўын жынаят анықланған күннен баслап отыз күн ишинде тәминлеген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи, буннан усы статьяның екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайлар, сондай-ақ алдын усы статья бойынша жуўапкершиликтен азат етилген шахслар тысқары.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling