134-статья Қәбрди қорлаў
Қәбрди ямаса өликти қорлаў, сондай-ақ өликтеги, қәбир үстиндеги яки ишиндеги затларды алыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
VI БАП. ШАХСТЫҢ ЕРКИНЛИГИ, АБЫРОЙЫНА ҲӘМ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫНА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
135-статья. Адам саўдасы
Адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў яки адамды пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў ямаса қабыллаў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) урлаў, зорлық ислетиў ямаса зорлық ислетиў менен қорқытыў яки мәжбүрлеўдиң басқа түрлерин қоллаў арқалы ;
б) еки ямаса оннан артық шахсқа ;
в) әззи жағдайы айыпкерге белгили болған шахсқа ;
г) айыпкерге материаллық тәрептен ямаса басқа тәрептен ғәрезли болған шахсқа;
д) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
е) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
ж) хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда ;
з) жәбирлениўшини Өзбекстан Республикасының Мәмлекет шегарасынан алып өткен ҳалда ямаса оны сырт елде нызамға қылап түрде услап турған ҳалда ;
и) қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда, сондай-ақ жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди алып қойған, жасырған ямаса жоқ етип жиберген ҳалда;
к) инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын алыў мақсетинде ислеген болса ;
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған шахсқа ислеген болса ;
б) жәбирлениўшиниң өлимине ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса ;
в) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен ислеген болса ;
г)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
сегиз жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |