VIII БАП. ТЫНЫШЛЫҚ ҲӘМ ИНСАНИЯТТЫҢ ҚӘЎИПСИЗЛИГИНЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
150-статья. Урысты үгитлеў
Урысты үгитлеў, яғный бир мәмлекетти екинши мәмлекетке қарата қозғаўтыў ушын түрли формадағы көз-қараслар, идеялар ямаса шақырықлар тарқатыў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
151-статья.Агрессия
Басқыншылық урысын режелестириў яки оған таярлық көриў, сондай-ақ усы ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде тил бирикириў —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Басқыншылық урысын баслаў яки оны алып барыў
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
152-статья.Урыстың нызам ҳәм дәстүрлерин бузыў
Тыныш халықты ямаса әскерий тутқынларды қыйнаў, физикалық қырып жибериў, тыныш халықты мәжбурий жумысларға ямаса басқа мақсетлерде пайдаланыў, халық аралық ҳуқық пенен қадаған етилген урыс апарыў қуралларын қоллаў, қалалар ҳәм халық жасаў орынларын бийҳуда ўайран етиў, мулкти талан-тараж етиў, сондай-ақ, бундай ҳәрекетлерди етиўге буйрық бериўде көрсетилген урыс нызам ҳәм дәстүрлерин бузыў —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
153-статья. Геноцид
Геноцид, яғный миллий, етник, рассалық ямаса диний тийислилигине қарап, бир топар шахсты физикалық толық ямаса бир бөлегин қырылып кетиўине алып келетуғын турмыс шәраятын қасттан жаратыў, бундай шахсларды физикалық толық ямаса бир бөлегин қырып жибериў, бала туўылыўының зорлық пенен кемейтиў яки балаларды әне сол адамлар топарынан алып, басқасына тапсырыў, сондай-ақ, бундай ҳәрекетлер ислеў ҳаққында буйрық бериў —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
154-статья. Жалланыў
Жалланыў, яғный нызаласып атырған мәмлекеттиң пуқарасы ямаса әскерий хизметкери есапланбаған яки бақлап турған нызаласып атырған мәмлекет аймағында турақлы жасамайтуғын яки ҳеш қандай мәмлекет тәрепинен қураллы күшлер қурамында рәсмий тапсырманы орынлаў ўазыйпасы берилмеген шахстың материаллық мәпдарлық ямаса басқа қандайда жеке мәпти гөзлеп, өзге мәмлекет аймағында ямаса оның тәрепин алып қураллы соқлығысыўда яки әскерий ҳәрекетлерде қатнасыў ушын жалланыўы —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Жалланған шахсты жаллаў, оқытыў, финанслық тәмийнлеў ямаса оған басқа материаллық тәмийнат бериў, сондай-ақ оннан әскерий соқлығысыў яки әскерий ҳәрекетлерде пайдаланыў —
жети жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |