Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet64/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

1553-статья. Терроризимди финанслық тәмийнлеў
Терроризмди финанслық тәмийнлеў, яғный терроршылық шөлкеминиң әмелде болыўын, искерлик көрсетиўин, финансластырылыўын, терроршылық искерлигине қатнасыў ушын шет елге шығып кетиўди яки Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы ҳәрекетлениўди тәмийинлеўге, терроршылық ҳәрекетин таярлаў ҳәм ислеўге, терроршылық шөлкемлерине яки терроршылық искерлигине көмеклесип атырған ямаса бундай искерликте қатнасып атырған шахсларға тиккелей ямаса тиккелей болмаған ҳәр қандай қаржы-қуралларды, ресурсларын бериўге ямаса жыйнаўға, басқа хызметлер көрсетиўге қаратылған искерлик —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) лаўазымлы шахс тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Терроризмди финанслық тәмийнлеўде қатнасқан шахс, егер ол ҳәкимият уйымларына ўақытында хабар бериў ямаса басқа усыл менен аўыр ақыбетлер келип шығыўыыиң ҳәм де терроршылар мақсетлериниң ислениўиниң алдын алыўға белсенди көмеклескен болса, егер бул шахстың ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи.

156-статья. Миллий, рассалық, этник ямаса диний душпанлықты қозғатыў
Миллий, рассалық, этник ямаса диний душпанлықты қозғатыўши материалларды тарқатыў мақсетинде таярлаў, сақлаў ямаса тарқатыў, усындай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Миллий, рассалық, этник ямаса диний тийислилигине қарай, халық топарларына қарата кек, алаўызлылық келтирип шығарыў мақсетинде миллий абыройын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўге, диний исенимине ямаса динсизлигине қарай, пуқаралардың туйғыларын ақыретлеўге қаратылған қасттан исленген ҳәрекетлер, сондай-ақ, миллий, рассалық, этник тийислилиги яки динге мүнәсебетине қарай, пуқаралардың ҳуқықларын тиккелей ямаса тиккелей болмаған шеклеў яки оларға тиккелей ямаса тиккелей болмаған абзаллықлар бериў, —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) басқа адамлардың турмысы ушын қәўипли усылда ;
б) денеге аўыр жарақат салған ҳалда ;
в) пуқаралардың турақлы жасаў орыннан зорлық ислетип көширген ҳалда ;
г) лаўазымлы шахс тәрепинен;
д) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады .



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling