Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья. Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимине қастыянлық етиў
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
- Bu sahifa navigatsiya:
- 160 -статья Тыңшылық
159-статья. Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимине қастыянлық етиў
Өзбекстан Республикасының әмелдеги мәмлекет дүзими Конституцияға қылап тәрзде өзгертиўге, ҳәкимиятты басып алыўға яки нызамлы түрде сайлап қойылған ямаса тайынланған ҳәкимият ўәкиллерин ҳәкимияттан шетлестириўге яки Өзбекстан Республикасы аймақлық пүтинлигин Конституцияға қарсы түрде бузыўға ашықтан-ашық шақырыў, сондай-ақ, бундай мазмундағы материалларды тарқатыў мақсетинде таярлаў, сақлаў ямаса тарқатыў — базалық есаплаў муғдарының алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Ҳәкимият конституциялық уйымларының нызамлы искерлигине тосқынлық етиў яки оларды Конституцияда нәзерде тутылмаған параллель ҳәкимият дүзилмелери менен алмастырыўға қаратылған зорлық ҳәрекетлери, сондай-ақ, мәмлекет ҳәкимияты ўәкиллиги уйымларының Өзбекстан Конституциясында нәзерде тутылмаған тәртипте дүзилген ҳәкимият дүзилмелерин тарқатып жибериў ҳаққындағы қарарларын белгиленген мүддетте орынламаў — базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар : а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен; б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеген ҳалда исленген болса, — бес жылдан он жылға шекем еркинен айырў менен жазаланады. Ҳәкимиятты басып алыў яки Өзбекстан Республикасы конституциялық басқарыў принципин аўдарып таслаў мақсетинде питне шөлкемлестириў — он жылдан жыгырма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Питне ҳаққында ҳәкимият уйымларына ықтыярый түрде хабар берген шахс, егер, көрилген шаралар нәтийжесинде питнениң алды алынған болса, жазадан азат етиледи. 160 -статья Тыңшылық Шет ел пуқарасы ямаса пуқаралығы болмаған шахстың мәмлекет сыры есапланған мағлыўматларды сырт ел мәмлекети, сырт ел шөлкеми ямаса олардың агентурасина жеткизиўи, тап сондай-ақ жеткизиў мақсетинде қолға киргизиўи, жыйнаўы ямаса сақлаўы, сондай-ақ сырт ел разведкасының тапсырмасы бойынша Өзбекстан Республикасына зыян келтириўде пайдаланыў ушын басқа мағлыўматларды жеткизиўи ямаса жыйнаўы — он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Шет ел разведкаси менен шериклик етиўге тартылған шахс, егер, өзине жүклетилген тапсырманы орынлаў ушын ҳеш қандай ҳәрекет етпестен, бул ҳаққында өз ықтыяры менен ҳәкимият уйымларына хабар берсе, жуўапкершиликтен азат етиледи. Өзиниң жынайый искерлигин ықтыярый түрде тоқтатқан ҳәм қылмысы ҳаққында ҳәкимият уйымларына хабар берип, жынаяттың ашылыўына белсенди жәрдем берген шахс, егер, мәмлекет ушын келип шығыўы мүмкин болған аўыр ақыбетлердиң алдын алынған болса, жазадан азат етиледи. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling