Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet67/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

161-статья. Қопарыўшылық
Қопарыўшылық яғный Өзбекстан Республикасының мәмлекет уйымлары искерлиги ямаса жәмийетлик-сыясый жағдайдың турақлылығына яки економикасына зыян келтириў мақсетинде адамларды қырып жибериў, олардың денсаўлығына зыян келтириў, мулкке зыян келтириў ямаса оны набыт етиўге қаратылған ҳәрекетлер —
он жылдан жыгырма жылға шекем еркинен айрыў менен жазаланады.

162-статья. Мәмлекет сырларын әшкаралаў
Мәмлекет сырларын әшкаралаў яки өзгеге бериў, яғный мәмлекет сыры, әскерий сыр ямаса хызмет сыры есапланған мағлыўматлардың, бул мағлыўматлар исенип тапсырылған ямаса хызмети яки кәсип искерлиги бойынша олардан хабардар болған шахс тәрепинен әшкараланыўы егер, бул қылмыста мәмлекетке сатқынлық белгилери болмаса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

163-статья. Мәмлекет сыры яки әскерий сыр есапланған ҳүжжетлерди жоғалтыў
Ҳүжжетлердиң, сондай-ақ буйымлар яки затлардың, егер олар ҳаққындағы мағлыўмат мәмлекет сыры ямаса әскерий сырды аңлатпаса, хызмет ямаса кәсип искерлиги бойынша исенип тапсырылған шахс тәрепинен жоғатылыўы, егер, бул жоғалтыў әне сол ҳүжжетлер, буйымлар менен мәмиледе болыў қағыйдаларын бузыў нәтийжесинде жүз берген болса, —
бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


ҮШИНШИ БӨЛИМ
ЕКОНОМИКА ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖЫНАЯТЛАР

Х БАП. ӨЗГЕЛЕР МҮЛКИН ТАЛАН-ТАРАЖ ЕТИЎ

164-статья. Баскыншылық
Басқыншылық, яғный өзгениң мал-мүлкин талан-тараж етиў мақсетинде ҳүжим етип, өмир ямаса денсаўлығы ушын қәўипли болған зорлық ислетип ямаса сондай зорлық ислетиў менен қорқытып исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Басқыншылық :
а) қурал ямаса қурал сыпатында пайдаланыў мүмкин болған басқа затларды ислетип;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) әдеўир муғдардағы мулкти талан-тараж етиў менен байланыслы ҳалда исленген болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Басқыншылық :
а) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса алдын усы Кодекстиң 242-статьясында нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) турақ-жайға, склад ямаса басқа имаратларға нызамсыз түрде кирген ҳалда ;
г) денеге аўыр зыян келтирген ҳалда исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.
Басқыншылық :
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он бес жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling