Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
169-статья. Ўрлық
Ўрлық, яғный өзгениң мал-мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў — базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Ўрлық: а) жәбирлениўшиниң кийими, сумкаси яки басқа қолындағы буйымларға қарата (қисапырлық); б) әдеўир муғдарда; в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип; г) турақ-жай, складқа ямаса басқа ханаға нызамға қылап түрде кирип, — д) улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына коммерция мақсетлеринде өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр энергиясың, тәбийий газди, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки есаплаў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў жолы менен; е) улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына электр энергиясы, газ ямаса суў тәмийнаты уйымларының лаўазымлы шахслары ямаса хызметкерлери тәрепинен алдыннан тил бириктирип, коммерция мақсетлеринде өзбасымшалық пенен жалғаныў яки электр энергиясын, тәбийий газды, суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў әсбапларына, сондай-ақ олардың пломбаларына қасттан зыян келтириў яки есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў жолы менен исленген болса ; базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шекелеў менен жазаланады. Ўрлық:
б) нызамға қылап түрде (рухсатсыз) ахпарат системасына кирип ямаса оннан пайдаланып ; в) көп муғдарда ; г) нефть трубаларында, газ трубаларында, нефть ҳәм газ өнимлери трубаларында исленген болса, — бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Ўрлық: а) оғада көп муғдарда ; б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен; в) шөлкемлескен топар тәрепинен яки оның мәплерин гөзлеп исленген болса, — сегиз жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling