ХI БАП. ӨЗГЕЛЕР МҮЛКИН ТАЛАН-ТАРАЖ ЕТИЎ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ БОЛМАҒАН ЖЫНАЯТЛАР
170-статья. Алдаў ямаса исениминен пайдаланып қыянет етиў жолы менен мүлкий зыян келтириў
Алдаў ямаса исениминен пайдаланып қыянет етиў жолы менен мүлик ийесине әдеўир муғдарда зыян келтириў, егер, усы қылмыста талан -тараж етиўдың белгилери болмаса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) материаллық жуўапкер шахс тәрепинен;
в) көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигима бес есесинен елиў есесине шекем муғдара жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
171-статья. Жынайый жол менен табылған мулкти алыў яки өткериў
Мүлктиң жынайый жол менен табылғанын биле турып, оны алдынан ўәде бермеген ҳалда алыў яки өткериў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) көп муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |