Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Мулкти қорғаўға ҳүждансыз мүнәсебетте болыў


Download 340.7 Kb.
bet72/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

172-статья. Мулкти қорғаўға ҳүждансыз мүнәсебетте болыў
Шахстың мулкти қорғаўға өз ўазыйпаларын ҳүждансыз орынлаўы нәтийжесинде мал-мүлк талан-тараж етилиўи, оған зыян келтириўи ямаса оның набыт етилиўи көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, егер, бул қылмысда лаўазымлық жынаятлары белгилери болмаса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

173-статья. Мулкти қасттан набыт етиў ямаса оған зыян келтириў
Өзгениң мүлкин қасттан набыт етиў яки оған зыян келтириў әдеўир муғдарда болса , —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы хәрекетлер
а)миллетлер аралық ,рассалық душпанлық яки диний фанатизим негизинде
б)әтираптағылар ушын қәўипли усылда
в) көп муғдарда зыян келтирилген халда исленген болса
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен шахстың ямаса оның жақын туўысқанларының мүлкине қарата;
б) шөлкемлескен топар және оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў
Келтирилген материаллық зыян үш есе муғдарда қапланған жағдайда, еркинен шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.
ХII БАП. ЭКОНОМИКА ТИЙКАРЛАРЫНА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
175-статья. Өзбекстан Республикасының мәплерине қылап түрде питимлер дүзиў
Пайда келтирмеўи белгили болған питимди дүзиў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы аймағына алдын пайдаланылған, ислетип болынған, руўхый гөнерген яки заман талапларына жуўап бермейтуғын әсбап-үскенени яки технологияларды алып кириўге, сондай-ақ оларды орнатыў ҳәм енгизиўге алып келген питимди дүзиў, республика мәплерине көп муғдарда зыян келтирген болса, сондай-ақ бундай питим дүзилиўине себеп болған эксперт жуўмағын яки басқа ҳүжжетти ўәкилликли мәмлекет органының ямаса басқа уйымның лаўазымлы шахсы тәрепинен бериў —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса белгили ҳуқықтан айрып үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) тәкираран;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
б)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
сегиз жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыян үш есе муғдарында қапланған жағдайда шахс жазадан азат етиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling