Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Қәлбеки пул, акциз маркасы яки қымбатлы қағазлар жасаў, оларды өткериў


Download 340.7 Kb.
bet73/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

176-статья. Қәлбеки пул, акциз маркасы яки қымбатлы қағазлар жасаў, оларды өткериў
Өткериў мақсетинде қәлбеки банк билетлари (банкнотлар), металл теңгелер, акциз маркалар, сондай-ақ, қымбатлы қағазлар яки сырт ел валютасы ямаса сырт ел валютасындағы қымбатлы қағазлар жасаў яки оларды өткериў —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен —
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

177-статья. Валюта қымбатлықларын нызамға қылап түрде алыў ямаса өткериў
Пуқаралардың нызамға қылап түрде валюта қымбатлықларын алыўы ямаса өткериўи сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер әдеўир муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесиен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) көп муғдарда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) оғада көп муғдарда ;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Таярлық көрлип атырылған яки исленген жынаят ҳаққында өз ықтыяры менен хабар берген ҳәм оны ашыўға белсенди жәрдем берген шахс жуўапкергиликке тартылмайды.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling