Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Шет ел валютасын жасырыў


Download 340.7 Kb.
bet74/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

178-статья. Шет ел валютасын жасырыў
Кәрханалар, мәкемелер ямаса шөлкемлерде валюта операцияларын әмелге асырыўшы хызметкерлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының ўәкиллик берилген банклери есабына өткерилиўи керек болған сырт ел валютасының қасттан жасырып қалыныўы —
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) дәмегөйлик пенен;
б) тәкираран;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
сегиз жылдан он еки жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлиминде, екинши бөлиминиң «а» ҳәм «в» бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятты биринши рет ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте жасырылған сырт ел валютасын Өзбекстан Республикасының ўәкиллик берилген банклери есабына ықтыярый түрде өткерилиўин тәмийинлеген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.


179 -статья. Жалған исбилерменлик
Жалған исбилерменлик, яғный уставында көрсетилген искерликти әмелге асырыў мақсетин гөзлеместен ссудалар, кредитлер алыў, пайданы (дәраматты) салықлардан азат етиў (салықларды кемейтиў) яки басқа мүлкий мәп көриў мақсетинде кәрханалар ҳәм басқа исбилерменлик шөлкемлерин дүзиў —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

180-статья. Жалған банкротлық
Жалған банкротлық, яғный хожалық жургизиўши субъекттиң өз миннетлемелерин экономикалық тәрептен орынлай алмайтуғынын биле турып, ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын дағаза бериўи кредиторларға көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Кетирилген материаллық зыянның орны қапланған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling