Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Саўда яки хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet82/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

189 -статья. Саўда яки хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў
Товарлар саўдасы яки хизмет көрсетиў қағыйдаларын оғада көп муғдардағы баҳада бузыў —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте саўда яки хизмет көрсетиў қағыйдалары бузылыўның ақыбетлерин тәртипке салған ҳәм келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.

190-статья. Искерлик пенен лицензиясыз яки рухсат етиў сыпатына ийе ҳүжжетсиз яки хабарнама жиберместен шуғылланыў
Хабар бериў тәртибинде ислениўи керек болған искерлик (ҳәрекетлер) пенен хабарнама жиберместен шуғылланыў оғада көп муғдарда дәрамат алыў менен байланыслы болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма ямаса бир жылға шекем белгили ҳуқықлардан айырыў яки бир жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жетпис есеси муғдарда жәрийма ямаса еки жүз сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.
Әмелге асырылыўы ушын рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти алыўды талап етилетуғын искерлик (ҳәрекетлер) пенен рухсат етиў сыпатына ийе ҳүжжетсиз шуғылланыў оғада көп муғдарда дәрамат алыў менен байланыслы болса, —
базалық есаплаў муғдарының қырық есеси муғдарында жәрийма ямаса еки жылға шекем белгили бир ҳуқықлардан айырыў яки еки жүз отыз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса он айға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы статьяның үшинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының тоқсан есеси муғдарында жәрийма ямаса еки жүз елиў сааттан төрт жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.
Лицензияланыўы лазым болған искерлик пенен лицензиясыз шуғылланыў оғада көп муғдарда дәрамат алыў менен байланыслы болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў бес есеси муғдарында жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мүддетке мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы статьяның бесинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есеси муғдарында жәрийма ямаса үш жүз сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте искерлик пенен лицензиясыз, сондай-ақ искерлик (ҳәрекетлер) пенен рухсат етиў сыпатына ийе ҳүжжетсиз ямаса хабарнама жиберместен шуғылланыў ақыбетлерин тәртипке салған ҳәм келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкерликтен азат етиледи.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   78   79   80   81   82   83   84   85   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling