Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Салықлар яки жыйымларды төлеўден бас тартыў


Download 340.7 Kb.
bet77/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

184-статья. Салықлар яки жыйымларды төлеўден бас тартыў
Пайда (дәрамат) ямаса салық салынатуғын басқа объектлерди қасттан жасырыўды, кемейтирип көрсетиўди, сондай-ақ мәмлекет тәрепинен белгиленген салықларды яки жыйымларды төлеўден қасттан бас тартыў әдеўир муғдарда ислеў, сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Салықлар ямаса жыйымларды төлеўден бас тартыў:
а) тәкираран;
б) көп муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Салықлар ямаса жыйымларды төлеўден бас тартыў оғада көп муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Қасттан жасырылған , кемейтирип көрсетилген пайда (дәрамат ) бойынша салықлар ҳәм жыйымлар толық төлеген жағдайда, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.
Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол салық тексериўши материалларын көрип шығыў нәтийжелери бойынша мәмлекет салық хызмети органының қарары яки Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң исленген жынаят ҳаққындағы хабарын алған күннен баслап отыз күн ишинде салықлар ҳәм жыйымлар, сондай-ақ пениялар ҳәм басқа финанслық санкциялар формасында мәмлекетке келтирилген зыянның орнын толық қаплағанда, жуўапкершиликтен азат етиледи.
1841-статья. Бюджет ҳәм смета-штат интызамын бузыў
Финанс жылында бюджет ҳәм смета-штат интызамын бузыў көп муғдарда исленген болса, —.
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс оғада көп муғдарда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылға шекем еркин шеклеў яки бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling