Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Бажыхана ҳаққындағы нызамшылықты бузыў


Download 340.7 Kb.
bet76/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   72   73   74   75   76   77   78   79   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

182-статья. Бажыхана ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Бажыхана қадағалаўын шетлеп ямаса бажыхана қадағалаўынан жасырынып яки бажыхана ҳүжжетлери ямаса қуралларына уқсатып жасалған ҳүжжетлерден алдаў жолы менен пайдаланып ямаса декларациясыз ямаса басқа атқа жазылған декларациядан пайдаланып, товар яки басқа байлықларды көп муғдарда Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасынан өткериў, сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Бажыхана ҳаққындағы нызамшылықты бузыў :
а) оғада көп муғдарда ;
б) шегараны бузып өтиў, яғный бажыхана хызметиниң разылығын алмастан турып, товар яки басқа байлықларды Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасынан ашықтан-ашық өткериў жолы менен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп;
г) хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

183-статья. Бәсеки ҳаққындағы нызамшылықты ҳәм тәбийий монополиялар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў
Монополияға қарсы органға ахпарат бермеў яки биле турып ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды усыныў, сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў менен жазаланады.
Монополияға қарсы органның нызамбузыўшылықты тохтатыў ҳаққындағы, дәслепки жағдайды қайта тиклеў ҳаққындағы көрсетпелерин орынлаўдан бас тартыў яки ўақытында орынламаў, сондай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   72   73   74   75   76   77   78   79   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling