Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
181-статья. Банкротлықты жасырыў
Хожалық жургизиўши субъекттиң ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди усыныў, бухгалтерия есабатларын бузып көрсетиў жолы менен экономикалық тәрептен өзиниң төлеў мүмкиншилигине яки экономикалық нашарлығын басқаша тәрзде қасттан жасырыўы кредиторларға көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесиен еки жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Кетирилген материаллық зыянның орны қапланған жағдайда еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайди. Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкершиликтен азат етиледи. 1811-статья. Қасттан банкротлыққа алып келиў Жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен яки юридикалық шахс лаўазымлы шахсы, шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшысы) яки мал-мүлктиң мүликдәр тәрепинен жеке мәплерин яки басқа шахслардың мәплерин гөзлеп исленген қасттан банкротлыққа алып келиў, яғный төлеўге мүмкинсизликти қасттан жүзеге келтириў яки асырыў, бул жеке тәртиптеги исбилерменниң яки юридикалық шахстың турақлы экономикалық нашарлығына (банкротлығына) алып келсе, кредиторларга көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Келтирилген материаллық зыянның орны қапланған жағдайда, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды. Биринши рет жынаят ислеген шахс, егер ол жынаят анықланған күннен баслап отыз күнлик мүддетте келтирилген материаллық зыянның орнын қоплаған болса, жуўапкершиликтен азат етиледи. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling