IХ БАП. ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР
157-статья. Мәмлекетке сатқынлық етиў
Мәмлекетке сатқынлық етиў, яғный Өзбекстан Республикасының пуқарасы тәрепинен тыңшылық, сырт ел мәмлекетине, сырт ел шөлкемине ямаса олардың ўәкиллерине мәмлекет сырларын жеткизиў яки Өзбекстан Республикасына қарсы душпанлық искерлиги апарыўда басқаша жәрдем көрсетиў жолы менен Өзбекстан Республикасының суверенитетине, аймақлық қол қатылмаслығына, қаўипсизлигине, қорғаныў ўқыплылығына, економикасына зыян келтириўге қаратылған қасттан исленген қылмыс —.
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Шет ел, халық мәмлекети ямаса шөлкеми тәрепинен Өзбекстан Республикасына қарсы қаратылған мәмлекетке зыян келтириўши искерликти әмелге асырыўда шериклик етиў ушын тартылған Өзбекстан Республикасының пуқарасы өзиниң бундай шериклиги ҳаққында ҳәкимият уйымына ықтыярый түрде хабар берсе, оның искерлиги болса республика мәплерине зыян келтирмеген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.
Егер, Өзбекстан Республикасының пуқарасы, өз қылмысы ҳаққында ҳәкимият уйымларына ықтыярый түрде хабар етип, жынаятты ашыўға белсенди жәрдем берген ҳәм буның нәтийжесинде мәмлекет ушын келип шығыўы мүмкин болған аўыр ақыбетлердиң алды алынған болса, жазадан азат етиледи.
158-статья. Өзбекстан Республикасы Президентине қастыянлық етиў
Өзбекстан Республикасы Президентиниң өмирине қастыянлық етиў —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти денесине қасттан зыян келтириў —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Өзбекстан Республикасы Президентин көпшилик алдында ақыретлеў ямаса оған жала жабыў, сондай-ақ, баспасөз ямаса басқа ғалаба хабар қуралларынан, телекоммуникация тармақларынан ямаса Интернет пүткил дунья ахпарат тармағынан пайдаланған ҳалда оны ақыретлеў ямаса оған жала жабыў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |