Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
1551-статья. Таярланып атырған яки исленген терроршылық ҳәрекетлери ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм фактларды хабар бермеў
Усы Кодекстиң 155, 1552, 1553, 158, 159, 161, 242, 245, 254, 2551 ҳәм (ямаса ) 264-статьяларында нәзерде тутылған, дәслепки тергеў ҳәм де суд талқылаўы материаллары менен тастыйықланған, анық мәлим болған таярланып атырған яки исленген терроршылық сыпатына ийе жынаят ҳаққында хабар бермеў, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Терроршылық сыпатына ийе жынаятларға қарата усы қылмыс : а) адам өлиўине; б) басқа аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесиинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 1552-статья. Терроршылық искерлигин әмелге асырыў мақсетинде оқыўдан өтиў, шығыў яки ҳәрекетлениў Шахстың терроршылық искерлигин әмелге асырыў яки усы Кодектиң 155, 158, 159, 161, 242, 245, 254, 2551 ҳәм (ямаса ) 264-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлардан бирин ислеў мақсетинде өткерилип атырғанлығы өзи ушын белгили болған оқыўдан өтиўи, сондай-ақ усы жынаятларды ислеў билимин, әмелий шеберлигин ҳәм көнликпелерин ийелеўи, оқыў ўақтында қурал-қурал, жарыў қурылмалары, жарылғыш, зәҳәрлеўши, әтирапдағылар ушын қәўип туўдыратуғын басқа заттлар ҳәм буйымлар менен мәмиле етиў усылларын үйрениўи, сондай-ақ терроршылық искерлигинде қатнасыў ушын шет елге шығып кетиўи яки Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы ҳәрекетлениўи, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Терроршылық искерлигин әмелге асырыў ушын оқыўдан өтиў яки терроршылық искерлигинде қатнасыў ушын шет елге шығып кетиў яки Өзбекстан Республикасы аймағы арқалы ҳәрекетлениў мақсетинде шахсларды жаллаў — сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы статьяда нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер ол терроршылық искерлигин әмелге асырыў яки усы Кодекстиң 155, 158, 159, 161, 242, 245, 254, 2551 ҳәм (ямаса ) 264-статьяларында нәзерде тутылған жынаятлардан бирин ислеў мақсетинде өткерилип атырғанлығы өзи ушын белгили болған оқыўдан өткенлиги, шығып кетиўге ямаса ҳәрекетлениўге урынғанлығы ҳаққында ҳәкимият уйымларына ықтыярый түрде хабар етсе, исленген жынаятты әшкаралаўға яки бундай оқыўдан өткен, шығып кетиўди, ҳәрекетлениўди ямаса оқыўды әмелге асырған, шөлкемлескен яки финансластырылған басқа шахсларды, сондай-ақ оқыў өткерилген орынды анықлаўға белсенди көмеклессе ҳәм егер оның ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling