Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Порнографик өнимди таярлаў, алып кириў, тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў


Download 340.7 Kb.
bet50/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

130-статья. Порнографик өнимди таярлаў, алып кириў, тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў
Порнографик өнимди тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў мақсетинде таярлаў ямаса Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, сондай-ақ порнографик өнимди реклама қылыў, көрсетиў, тарқатыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында реклама қылыў, көрсетиў, тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Ер жетпеген шахс характеристикаланған ямаса суўретленген порнографик өнимди тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, сондай-ақ оны таярлаў, тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў яки ер жетпеген шахсты порнографик сыпатқа ийе ҳәрекетлердиң орынлаўшысы ретинде қосыў, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


1301-статья. Басым өткериўди, зорлықты ямаса жаўызлықты үгитлеўши өнимди таярлаў, алып кириў, тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў
Басым өткериўди, зорлықты ямаса жаўызлықты үгитлеўши өнимди тарқатыў, реклама қылыў, көрсетиў мақсетинде таярлаў ямаса Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, сондай-ақ оны реклама қылыў, көрсетиў, тарқатыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында, телекоммуникация тармақларында ямаса Интернет жәҳән ахпарат тармағында реклама қылыў, көрсетиў, тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling