Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья Он алты жасқа толмаған шахс менен жынысый байланыс жасаў


Download 340.7 Kb.
bet49/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

128-статья Он алты жасқа толмаған шахс менен жынысый байланыс жасаў
Он алты жасқа толмаған шахс пенен жынысый байланыс жасаў ямаса жыныслый талапты ғайрытәбийий усылда қандырыў, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер материаллық қымбатлықлар бериў ямаса мүлкий яки басқаша тәрзде мәпдар етиў арқалы исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы Кодекстиң 118, 119, 121 ҳәм (ямаса ) 129-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
б) жақын туўысқанларына ямаса бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ;
в) жәбирлениўшини тәрбиялаў, оқытыў ҳәм (ямаса ) оған ғамхорлық етиў миннетлемелерин орынлаған шахс тәрепинен, сондай-ақ жәбирлениўшиге қарап турыў миннетлемелери нызам менен мойнына жүклетилген тәлим, тәрбия, емлеў ямаса басқа шөлкемниң жумысшысы тәрепинен исленген болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

1281-статья. Он алты жастан он сегиз жасқа шекемги шахс пенен материаллық қымбатлықлар бериў ямаса мүлкий яки басқаша тәризде мәпдар етиў арқалы жынысый байланыс жасаў
Он алты жастан он сегиз жасқа шемеги шахс пенен материаллық қымбатлықлар бериў ямаса мүлкий яки басқаша тәрзде мәпдар етиў арқалы жынысый байланыс жасаў ямаса жынысый талапты ғайрытәбийий усылда қандырыў, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан төрт жылға шекем еркин шеклеў ямаса еки жылдан төрт жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.

129-статья. Он алты жасқа толмаған шахсқа уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислеў
Он алты жасқа толмаған шахсқа зорлық ислетпей уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислеў, —
еки жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) алдаў ямаса исенимине кириў жолы менен;
б) еки ямаса оннан артық шахсқа;
в) он төрт жасқа толмаған шахсқа қарата ;
г) майыплығы айыпкерге белгили болған шахсқа;
д) тәкираран, қәўипли рецидивист тәрепинен ямаса алдын усы Кодекстиң 118, 119, 121 ҳәм (ямаса ) 128-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен;
е) жақын туўсқанларнына ямаса бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа қарата ;
ж) жәбирлениўшини тәрбиялаў, оқытыў ҳәм (ямаса ) оған ғамхорлық етиў миннетлемелерин орынлап атырған шахс тәрепинен, сондай-ақ жәбирлениўшиге қарап турыў миннетлемелери нызам менен мойнына жүклетилген тәлим, тәрбия, емлеў ямаса басқа шөлкемниң жумысшысы тәрепинен исленген болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер зорлық ислетип ямаса қорқытып исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling