Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Қоспашылық етиў ямаса фахишахана сақлаў


Download 340.7 Kb.
bet51/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

131-статья. Қоспашылық етиў ямаса фахишахана сақлаў
Дәмегөйлик ямаса пәс нийетлерде қоспашылық етиў —.
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Фахишахана шөлкемлестириў ямаса сақлаў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жетпис бес есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳәрекетлер:
а) ер жетпеген шахсты тартқан жағдайда;
б) тәкираран, қәўипли рецидивист ямаса усы Кодекстиң 135 ямаса 137-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды алдын ислеген шахс тәрепинен;
в) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

132-статья. Мәдений мийрас объектлерин набыт қылыў, бузыў ямаса оларға зыян келтириў
Мәмлекет қарамағына алынған мәдений мийрас объектлерин набыт қылыў, бузыў ямаса оларға зыян келтириў әдеўир муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есеинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) көп муғдарда зыян келтирген ҳалда ;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен бес жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер жүдә көп муғдарда зыян жеткезген ҳалда исленген болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Келтирилген материаллық зыян үш есе муғдарында қапланған жағдайда, еркин шеклеў ҳәм еркинен айырыў жазасы қолланылмайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling