Watan, seniñ aspaniñ biyik!


Download 23.48 Kb.
bet6/6
Sana23.06.2023
Hajmi23.48 Kb.
#1652559
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
Watan

#___Жаным__пида

Ушқыр қиялларым тербер санамды,


Илхамға толтырар кеуил қанамды,
Бир перзенти болып,
Уатан анамды,
Қолға қəлем алып жырлағым келди.

Гиндик қаным тамған ,


Ана топырақты,
Көзимди ашып көрген,мийуалы бағды,
Аспаны ашық ,күни нурлы,шууақлы,
Жəннет маканымды сөзлегим келди.

Топырағы теберик,жасыл гиялы,


Бабаларым мəрт,бахадүр,зиялы,
Дүньяда теңи жоқ ,
Алтын уяны,
Ғарға-қузғынлардан қорғағым келди.

Елим деп еңиреп өткен ерлерди,


Уатан ушын отқа түскен шерлерди,
Халқым қəстерлеген ,
Уллы пирлерди,
Жылауыңа қойып еслегим келди.

Хəр демде жүрегим ,


Уатан деп соғар,
Тəнимдеги қаным,
Уатан деп ағар,
Мен де бир перзентиң жанымды жағар,
Ийманым алдында,
Сөз бергим келди...

Зулфия
Ещановна.


Мойнақ районы.

Азамат Нуратдинов



(Уатан)

Топырағыңа бағындырып,


Журек согар дурс-дурс урып,
Жырақ кетсем сагындырып,
Шарлап турар бул уатан.

Тилим шықты кушагыңда,


Ойнадым жәннет багыңда,
Өтти балалык шағымда,
Өзиң менен азийиз уатан.

Қыларман алдыңда парызыңды,


Қалай өтеймен қарызымды,
Ақлайаламанба нан дузыңды,
Аитшы маған азийз уатан.

Мәртликке шақырдың батырларды


Шайырлар сеннен илхам алды
Бийғам балалыгым сенде қалды,
Мен ушын анамсаң азизим уатан

Небир сөзлерди қазбаладым


Хеш бир теңеу табалмадым
Кеулимдегидей жазалмадым
Жырлайман сени еле уатан.

Б.Г ✍


Азамат Нуратдинов


ЖЕРИМЕ КОЗИН ТИККЕН АРАБЛАРГА

Коз кызыпты, бизин жерге буншама


Ойладыныз пул корсетсем соншама
Берер булар устирттеги даласын
Жане кызын косып берер каншама

Бул халыкты сырттан билмес екенсиз


Он жыл жасайын бирге дегенсиз
Шол болса да топырагы кадирли
Уатан ушын жан берерин билмепсиз

Пул беремен козди жумып алады


Ушып откен кус казанга салады
Шолистанын айландырсам гулзарга
Озлери ак тап касымда калады

Деп ойлапсыз кателикке жол койып


Береди гой ха дегеннен кол койып
Пул дегенди ози ислеп тауады
Бизин халык отырган жок картайып

Бир кысым топырагын азиз деп билген


Сонша суусызлыкка тозимлер берген
Шор сууды ишсе дагы ишеди
Бирак жерин хеш бир елге бермеген

Жаны татлы болып жаннет излемес


Баска жакка кошиу санага келмес
Сиздей пулдар инсанлардын пуллары
Хазир мына ел козине коринбес

Кейинги ауладка мийрасы бул жер


Алтыннан азиздур озиме бул ел
Турист болып халкын менен кориуге
Мен таярман кутиуге, тек кыдырып кел!!!

Кызларыма козди сузбен карайлап


Устиртимди айланбаныз шар айлап
Кусым ушсын емин еркин даламда
Мылтыгынды оклай бермен колайлап

Токтатыныз!Келмениз жеримди сорап


Арага каткуда уакилди жаллап
Барибир бермеймиз,бос жатса жатсын
КАРЕКЕН турады Уатанын коргап!!!

Автор:Умит Бижанова



Азамат Нуратдинов
Download 23.48 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling