Watan, seniñ aspaniñ biyik!


Download 23.48 Kb.
bet4/6
Sana23.06.2023
Hajmi23.48 Kb.
#1652559
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
Watan

Кара - калпаклым.

Куýаныстық бугин хәмме жас-қары,


Көксинде Уатан деген жалыны бары,
Тусиндик тири екен ел-халқым ары,
Төрт тареп ийеси,Қара- қалпақлым.

Бары-жоғын өтип кетпе билинбей,


Еренлерин жургей аман,"елим"- дей,
Енди "калпак" ,дарýазадан көрингей,
Байрағым ийеси Қара- қалпақлым.

"Едиге "каны бар ,дау журек агам,


Мақтан..мың-мың әсир тарийхта саған,
Көзиңе жас алар қол жайып Анаң
Патиям ийеси,Қара- қалпақлым.

Дарýаза атласам,басымды буқпай,


Басаман уйиме, кадемим нықлай,
Бул улке бизики,хамме тен уққай,
Дарýаза ийеси Қара-қалпақлым.

Коп жалтан болганбыз жайып колларды,


Агалар танытсын онлы-солларды,
"Данко"-дай жарытын баслап жолларды,
Нызамым ийеси ,Кара- калпаклым.

"Ийеси бар "-десин..десе "кимдики?"


Шанарак сеники,Уатан сеники,
Куýаныш косыгым ,бул бир меники,
Калпагым ийеси,Кара-калпаклым.

Кун-туни "арым "-деп жанын жакканлар,


Миннетдар,болды бир умит артканлар,
Тамырда Аллаяр каны акканлар,
Дарýазам ийеси Кара-калпаклым.

Зульфия
04. 05. 2021-ж



Ерназар Алакөздиң қәбири ҳәзирги ýақытта қараýсыз қалғандай нәзеримде...
☝️Телефон арқалы жақында тусирилди.
Айтыýларына қарағанда Ерназар бабамызға 1987-жылы қулпы тас қойылған.

#_Ерназар_Алакөзге_бағышлайман

Уатан сатқынлары.

Жаýдан қорқып ýатанын сатқанлар,
Кеширилмес гунаға батқанлар,
Басқа елге көшип патша болғанлар,
Уатан сизди кеширмейди сатқынлар.

Бәлким сизди кеширеди анаңыз,


Балам дейди, кеширеди атаңыз,
Есигиңе басыңды қойып жыласаң,
Уатан сизди кеширмейди сатқынлар.

Бес кунлик дуняда дақ тусирмең!


Ақылы бар ýатанынан кешпесин!
Сатқын енди қанша ýәде бермесин,
Уатан сизди кеширмейди сатқынлар.

Шухрат Худайбергенов✍


Aýдарма ислеген; Азамат Нуратдинов.


Еркинлик болса

Көпти көрген көрегенниң кеңеси,


Дуздан қамлай урмас сөздиң жемиси,
Өрнек болар, қатар,қурда желиси,
Шабандоз мақсети бәйгилик болса.

Ийге тартар илип алмай шуумағы,


Көз қууантар.Хә!-дегеннен жуумағы,
Алтыннан артар,базда салмағы,
Шешенниң мақсети даналық болса.

Алдырар күнинде дейди жаздырар,


Жүзиңди қызартып,бармақ сыздырар,
Намақул ойларың ақыл аздырар,
Хәр қандай мақсетте шийкилик болса.

Кеңликти тар етер, бауырыңды жат,


Кемликте кекейтер,бардамлықта дәрт,
Тынышлық тилемес кеуили бир сәт,
Жаманның мақсети мәпгөйлик болса.

Шашыңа биймезгил ақты ендирер,


Арсыз иси менен намыс өлтирер,
Тәрбия бермесең ғамға шөктирер,
Перзент камалында сәл бослық болса.

Ийманын сатқанды диннен бездирер,


Уатан гедасына елди гездирер,
Сағыныш налышы жүрек ездирер,
Тууған ана жериң жырақта болса.

Ишкен асың жайлап бойға тарамас,


Ата-анаңнан артық жақын табылмас,
Жақсы мийуа нәлге тегин сабылмас,
Мөлшери,хүрмети, жемиси болса.

Оқталған оқ гөзелемей атылмас,


Жаңылмастай сира бир жақ табылмас,
Алған демиң ләззеттен кем таралмас,
Самал бағытында еркинлик болса.

✍Орынгүл Пирниязова.





Download 23.48 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling