5А112001 –дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы қәнигелиги магистранты Бекмуратов Разбектиң
«Дене тәрбиясында дидактикалық принциплерди қолланыўдың әҳмийети» атамасындағы магистрлық диссертация жумысына
П И К И Р
Ҳәзирги басқышта демократиялық жәмийет қурыў шараятында жоқары сапалы ислеп шығарыў искерлигин әмелге асыра алатуғын, өзгериўшең социаллық шараятларға тез бийимлесе алатуғын, машқалалы жағдайларды шешиўге мазмунлы ва дөретиўшилк пенен жантаса алатуғын профиссионал кадрлар таярлаўдың кескин машқаласы бар. Усы орында жоқары ҳәм орта арнаўлы дене тәрбиясын жаңалаў ҳәм жетилистириў мәселеси турыпты.
Р.Бекмуратовтың «Дене тәрбиясында дидактикалық принциплерди қолланыўдың әҳмийети» атамасындағы магистрлик диссертациясы тийкарынан, бул машқаланы шешиўде жаңа мүмкиншиликлерди ашып беретуғын перспективалы бағдар-оптимал тәлим системасын ислеп шығыў бағдарланған. Сондай-ақ оқытыўшының биргеликтеги оқыў искерлиги ҳәм оқыўшыларды оқытыў ушын тийкарғы предмети дидактика болыўын ҳәм сонда-ақ, оқыў мәселелерин оптимал шешиў ушын зәрүр болған мәселелерди көрсетип өткен.
Ол өз диссертация жумысында тийкарынан дене тәрбиясының әҳмийетли принциплерин кең мәнисте ашып көрсеткен ҳәм дурыс сәўлелендире алған.
Диссертация жумысының избе-излиги (улыўма структурасы) дурыс ҳәм мазмунлы жазылған. Р.Бекмуратов тәрепинен жазылған диссертация жумысы студентлерге лекциялық материал ретинде, илим изертлеў жумысларын әмелий жақтан алып барыўда жәрдемин тийгизеди деп ойлайман.
Улыўма алғанда диссертация жақсы, мазмунлы грамматикалық жақтан дурыс жазылған ҳәзирги заман талапларына толық жуўап береди. Жумысты толық қорғаўға жибериўге болады.
НМПИ Улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы:
|
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |