Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


 Салық сиясатын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўда


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

2. Салық сиясатын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўда 
мәмлекеттиң роли 
Жоқарыда айтып ӛтилгениндей, салық сиясаты мәмлекет, яғный оның 
жуўапкер шӛлкемлери тәрепинен алып барылады. Егер усы жуўапкер 


шӛлкемлер ҳәкимят түри бойынша алып қаралатуғын болса, нызам 
шығарыўшы, орынлаўшы ҳәм суд ҳакимятларына бӛлинеди. Айырым 
ҳалларда мәмлекеттиң салық сиясаты мәмлекетлик салық комитети 
тәрепинен алып барылады, деген пикирлер ушырайды. Әмелда болса салық 
сиясаты мәмлекет ҳәкимятының барлық буўынлары: Нызам шығарыўшы, 
Орынлаўшы ҳәм Суд ҳәкимиятлары хызметлериниң ажралмас бӛлими 
сыпатында комплексли тәризде әмелге асырылады. 
Бул ҳәкимиятлар тәрепинен салық сиясаты тӛмендеги тәртипте ислеп 
шығылады ҳәм оның орынланыўы тәмийнленеди. Нызам шығарыўшы 
ҳәкимят есапланған Олий Мажлис тәрепинен салыққа тийисли ҳәм оған 
тиккелей тийисли болған нызамлар қабыл қылынады, ӛзгертиў ҳәм 
қосымшалар киритиледи яки айырымлары бийкар қылынады. Демек, салық 
сиясатының ҳуқуқый негизлери усы ҳәкимят хызмети менен байланыслы. 
Орынлаўшы ҳәкимят болған Министерлер Кабинети ҳәм оның бӛлимлери, 
Мәмлекетлик Салық Комитети, Финанс Министерлиги, Юстиция 
Министерлиги, Экономика Министерлиги, жергиликли ҳәкимиятлар ҳәм 
басқа тийисли шӛлкемлер тәрепинен Олий Мажлис тәрепинен нызам жолы 
менен енгизилген салықлар ҳәм салықларға теңлестирилген мәжбүрий 
тӛлемлердиң ҳәрекет механизмин тәмийнлеўге хызмет қылыўшы ҳуқуқый 
норматив ҳүжжетлер арқалы олардың орынланыўы тәмийнленеди. Бунда 
әлбетте орынлаўшы ҳәкимяттың бир буўыны есапланған мәмлекетлик салық 
комитетиниң салық сиясатының орынланыўын тәмийнлеўде айырықша 
орынға ийе екенлигин айтып ӛтиўимиз керек. Буннан тысқары, ҳәр жылдың 
ақырында келеси жыл ушын әмел қылатуғын салықлар ҳәм салықларға 
теңлестирилген мәжбүрий тӛлемлер бойынша салық ставкаларын 
тастыйқлаў, ӛзгерттириўлер киритиў жуўапкершилиги Министерлер 
Кабинетине берилген. Салық сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда 
нызам шығарыўшы ҳәм орынлаўшы ҳәкимиятлар буўынлары менен бирге 
суд ҳәкимятының буўынлары да айырықша әҳмийетке ийе. Суд ҳәкимяты 
тәрепинен нызамлы әмел қылып атырған салықлар ҳәм салықларға 


теңлестирилген мәжбүрий тӛлемлердиң ӛз ўақтында бюджетке келип түсиўи 
үстинен қадағалаў орнатылып, салық нызамшылығы бузылыўларының алдын 
алыўга қаратылған шара-иләжлар қолланады. 
Салық сиясатын ислеп шығыўда тек ғана арнаўлы мекемелер тиккелей 
қатнасып қоймастан, оны ислеп шығыўда салық хызмети менен 
шуғулланбайтуғын субъектлер, анығырағы салық тӛлеўшилер қатнасыўы 
мүмкин, яғный бунда салық тӛлеўшилердиң ӛзлериде салықларды 
жетилистириўге қаратылған усыныслар, салықларды есаплаўды аңсат ҳәм 
нәтийжели ислеўге уқсаған усыныслар менен қатнасыўы мүмкин. 
Салық салыў тараўындағы мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги 
кӛп тәрептен мәмлекетлик аппараттың түрли буўынлары хызметиндеги 
ийкемлесиўшиликке байланыслы. Жуўапкершилик ҳәр бир органның 
специфик ролин белгилейди ҳәм бир ўақыттың ӛзинде оның басқа 
шӛлкемлер хызмети менен масласыўын тәмийнлейди. Мәмлекеттиң 
тийкарғы ўазыйпаларынан бириниң орынланыўы - бюджетти толтырыў, 
салық тӛлеўшилердиң экономикалық ҳәм юридикалық ҳәрекетлерине тәсир 
етиўдиң ҳәр қыйлы рычагына ийе болған барлық мәмлекетлик ҳәкимят 
шӛлкемлери хызметиниң муўапықластырыўысыз мүмкин емес. Кӛплеген 
әдебиятларда айтылғанындай, концептуал салық принциплеринен бири 
мәмлекет шӛлкемлериниң салық сиясатын ислеп шығыўда ҳәм әмелге 
асырыўда биргеликтеги қатнасыўы есапланады. 
Соны да айтып ӛтиў орынлы, тийкарғы экономикалық ҳуқуқлар ҳәм 
салық тӛлеўшилердиң еркинлигин тәмийнлеў нызам шығарыўшы ҳәм 
орынлаўшы ҳәкимяттың үзликсиз қадағалаўында турады. Президент 
тәрепинен олардың хызметине билдирилетуғын тийкарғы талаплар тиккелей
салық тараўындағы ислердиң улыўма аҳўалы, оны басқарыў, хожалық 
жүритиўши субъектлердиң исбилерменлик хызметин раўажландырыў ҳәм 
басқалар менен белгиленеди. Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа 
салықлар бойынша тиккелей ҳәм қосымша жуўапкершиликке ийе болған 
шӛлкемлер жумысын муўапықластырған ҳалда ҳәкимяттың усы тараўлары 


салық салыў менен байланыслы шахс ҳуқуқларын тәмийнлеў ушын жоқары 
дәрежели жуўапкершиликти ӛз мойнына алады ҳәмде олардың мәплери 
жолында машқалалы жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ӛзара 
шерикликтиң барлық тәреплерин тәртипке салады. 
Нызам шығарыўшы орган (Олий Мажлис) Конституцияның 78-статьясы 
8-бәнти ҳәм «Ӛзбекстан Республикасының Олий Мажлиси ҳаққында» ғы 
нызамның 4-статьясына муўапық ҳүкиметтиң усынысына муўапық салықлар 
ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлерди белгилейди. Мәмлекетлик салық 
комитетиниң 
жуўапкершилигине 
кириўши 
мәселелер 
бойынша 
нызамшылықты қоллаў әмелиятын улыўмаластырыў тийкарында салық 
нызамшылығын жетилистириўге байланыслы усынысларды ислеп шығыў 
ҳәм оларды ҳүкиметке усыныў ҳуқуқы оның Олий Мажлис пенен ӛзара 
қатнаслары ҳүкиметтиң қатнасыўы менен дүзилиўине анық мысал бола 
алады. Министерлер Кабинети Мәмлекетлик Салық Комитетине ӛз
полномочиелери бойынша басшы орган есапланады. Ол салық 
нызамшылығын қоллаў әмелиятын үзликсиз рәўиште улыўмаластырыў, 
мәмлекет ҳәкимяты ҳәм басқарыўдың жоқары шӛлкемлерин усы тараўдың 
ӛзгешеликли процесслери ҳаққында бәрҳама хабардар қылып барыўы лазым. 
Мәмлекетлик салық комитетин басқа ҳәкимят шӛлкемлери менен түрли 
бағдарларда әмелге асырылатуғын ӛзара шериклигин анализ қылыў үлкен 
әҳмийетке ийе. Усы ӛзара шериклик ӛзиниң юридикалық мазмунына қарай
ҳуқуқый болған ҳалда, қатнасықлар предметининг ӛзине тәнлиги менен 
характерленеди. Жергиликли ҳәкимят шӛлкемлери ҳәм мәмлекетлик салық 
шӛлкемлериниң ӛзара бирге ислесиўин тәртипке салыўшы нормалар түрли 
юридикалық күшке ийе болған бир қатар норматив ҳүжжетлерге таянады. 
Улыўма ӛзгешеликлерге қарай ӛзара бирге ислесиў Конституция 
нормаларында, басқа нызамшылық ҳүжжетлеринде сәўлелендирилген, ӛзара 
шерикликтиң жәнеде анық жүзеге келиўи кӛбинесе салық тараўындағы 
ҳуқуқый қатнасықларды тәртипке салыўшы басқа норматив ҳүжжетлерде ӛз 
кӛринисин тапқан. Усы мәмлекет структураларының ӛзара қатнаслары 


ӛзгешелигине тәсир етиўши объектив фактор жергиликли ўәкиллик ҳәм 
орынлаўшы ҳәкимят шӛлкемлериниң аймақтың экономикалық, социаллық 
ҳәм мәдений раўажланыўы, жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў ҳәм 
орынлаў, жергиликли салықларды белгилеў, бюджеттен тысқары фондларды 
қәлиплестириў мәселелерин шешиў ушын конституциялық белгилениўи 
есапланады. Буның менен мәмлекет ҳәкимиятын шӛлкемлестириўдиң 
тийисли дәрежелеринде шешилетуғын басқарыўдың барлық мәселелеринде,
соннан, финанслық тараўда да юридикалық ўәкиллик ҳуқуқы беккемленеди. 
Салық шӛлкемлери ҳәм жергиликли ҳәкимят шӛлкемлери ортасында 
пайда болатуғын қатнасықларга қарағанда ӛзара бирге ислесиўи
республикада алып барылатуғын бир пүтин салық сиясатын жүргизиўде, 
салықлар ҳәм басқа салықларға теңлестирилген мәжбүрий тӛлемлердиң 
территория бюджетине келип түсиўин тәмийнлеў бойынша ўазыйпалардың 
орынланыўы нәтийжелерин анализ қылыўда қатнасыў арқалы кӛринеди. 
Жергиликли 
ҳәкимят 
шӛлкемлериниң 
салықлар 
бойынша 
жуўапкершиликлерине қысқаша тоқтап ӛтетуғын болсақ, жергиликли 
ҳәкимят шӛлкемлери мәмлекетимиз салық нызамшылығына муўапық бир 
қанша жуўапкершиликлерге ийе болып, олар ӛзлериниң территориясында 
жайласқан салық тӛлеўшилерге жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар 
бойынша қосымша салық жеңилликлерин белгилеў, салық ставкаларының 
муғдарын Министерлер Кабинети тәрепинен белгилеп қойылған ставкалар 
шеңберинде белгилеў киби жуўапкершиликлерин айтып ӛтиўимиз мүмкин.
Жуўмақ қылып айтыўымыз мүмкин, республикамызда салық сиясаты 
мәмлекеттиң арнаўлы жуўапкер шӛлкемлери тәрепинен ислеп шығылады 
ҳәм әмелге асырылады. Салықлар бойынша ҳәр бир ҳәкимят шӛлкеми 
арнаўлы жуўапкершиликлерге ийе болып, олардың ҳәр бири ӛз хызметлерин 
нәтийжели алып барыўда усы жуўапкершиликли ўәкиллик ҳуқуқларынан 
пайдаланады. Бунда ўәкиллик ҳуқуқы бар жуўапкер шӛлкемлер сыпатында 
барлық ҳәкимят шӛлкемлери, соннан, нызам шығарыўшы, орынлаўшы ҳәм 
суд ҳәкимиятлары биргеликте хызмет кӛрсетеди ҳәм онда мәмлекетлик 


салық комитети салық сиясатын әмелиятқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе 
болған ўазыйпаларды орынлайды. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling