Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 7-тема. Ӛзбекстан Республикасы салық системасының теориялық тийкарлары Таяныш сӛзлер Салық системасы.
Қадағалаў ушын сораўлар 1.Салық сиясатына анықлама бериң? 2.Салық сиясатының ҳуқуқый тийкарларын аңлатып бериң? 3.Салық концепциясы дегенимиз не? 4.Салық сиясаты стратегиясына анықлама бериң? 5.Салық сиясаты тактикасы деген не? 6.Салық сиясаты ӛзгешеликлери ҳәм бағдарларын түсиндирип бериң? 7-тема. Ӛзбекстан Республикасы салық системасының теориялық тийкарлары Таяныш сӛзлер Салық системасы. Жанапай салықлар. Туўры салықлар. Мәмлекетлик салықлар. Жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар. Юридикалық тәреплер тӛлейтуғын салықлар. Физикалық шахслар тӛлейтуғын салықлар. Айланыстан алынатуғын салықлар. Дәраматтан алынатуғын салықлар. Мал-мүлк қунынан алынатуғын салықлар. Физикалық шахслар. Юридикалық тәреплер. 30 Jo‗raev T. «Soliq siyosatini takomillashtirish yo‗lida». «Toshkent haqiqati». 2003 yil 24 sentyabr. 1. Салық системасының мазмуны ҳәм әҳмийети Юридикалық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын салықлар, жыйымлар, бажылар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер ҳәмде олардың дүзилиў принциплери, усыллары ҳәм салық қадағалаўы жәмленип салық системасын қурайды. Бул анықлама салық системасын кең мәниде түсиниў есапланады. Салық нызамшылығында салық системасы тар мәниде түсиндирилип, бир түрдеги мазмунға ийе болған ҳәм орайласқан пул фондын дүзетуғын салық, жыйым, бажы ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлердиң жыйнағы салық системасы деп аталады. Салық системасына қарағанда бундай түсиниўди айырым әдебиятларда да келтирилгенлигин айтыў орынлы. Айтып ӛтилген анықламада салық ҳәм жыйымлар бирдей мазмун, яғный «мәжбүрий характерге ийе болған қатнас» ҳәм олардың бир-бири менен байланыслылығы ҳәм ақыр соңында бюджетке түсиўин кӛрсетеди. Бул Ӛзбекстан Республикасы салық Кодекси мазмунына сай келеди. Усы жерде тартыслы мәселе де бар, яғный мәмлекеттиң бюджеттен тысқары фондларына (пенсия, социаллық қамсызландырыў, бәнтлик, жол фондлары ҳәм басқалар) тӛлемлерди де мәжбүрийлик кӛз қарастан салық системасына киритиў машқаласы бар. 31 Салықлар бойынша излениўлер алып барған айырым авторлардың салық системасын түсиндириўи басқаша. Салық системасына, соннан салықлар яки оларға теңлестирилген тӛлемлер системасы (комплекси) сыпатында қараў мүмкин емес. Салық салыўдың әҳмийетли шәрт-шәраятларына тӛмендегилер киреди: салықларды белгилеў ҳәм әмелятқа енгизиў тәртиби, салықлардың түрлери, оларды бюджет дәрежелери ортасында бӛлистириў тәртиби, салық қадағалаўын әмелге асырыў формалары ҳәм усыллары, салық тӛлеўшилердиң ҳуқуқлары, мәжбүриятлары, олар мәплерин қорғаў усыллары, салық 31 Yahyoev Q. «Soliqqa tortish nazariyasi va amaliyoti». T. «Ғafur Ғulom» 2000. y. 31 bet. қатнасықлары қатнасыўшыларының жуўапкерлиги 32 ҳәм соның менен бирге усы элементлер салық системасының қурамлық бӛлимлери екенлигин тастыйқлайды ҳәм салық системасы дегенде усы элементлердиң комплексинен ибарат болған ҳәм олар ортасындағы қатнасықлар комплексинен келип шығып аңлатыў мүмкин. Улыўма алғанда салық системасын қурамлық жақтан салыққа тартыў принциплери, салық сиясаты, салыққа тартыў системасы, салық механизмине усаған ибараларға ажыратыў мүмкин. Усы элементлер тиккелей мәмлекетте әмел қылып атырған салықлардың қурамын белгилеп береди. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling