Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Ӛзбекстан Республикасы салық сиясатының ӛзгешеликлери ҳәм
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
3. Ӛзбекстан Республикасы салық сиясатының ӛзгешеликлери ҳәм
бағдарлары Республикамыздың ғәрезсизликке ерисиўи, ӛзиниң ғәрезсиз салық системасын қәлиплестириўди де талап етти. Соннан келип шығып, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан ақ ғәрезсиз салық системасын қәлиплестириўге қаратылған реформалар избе-излик пенен әмелге асырыла басланды ҳәм усы реформалардың нәтийжесинде ҳәзирги пайытқа келип республикамызда ӛзине тән болған салық системасы қәлиплестирилди. Ӛзине тән болған салық системасының қәлиплестирилиўин салық сиясатының нәтийжеси сыпатында айтыўымыз мүмкин. Республикамыз мәмлекетлик дүзими формасынан келип шығып республикамызда республика бюджети дәраматларын қәлиплестириўге қаратылған мәмлекетлик салықлар ҳәм жергиликли бюджетлер дәраматларын қәлиплестириўге қаратылған жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар әмел қылады. Салықлардың бюджетлер ортасында бӛлистирилиўи Ӛзбекстан Республикасы Салық Кодекси менен беккемленген болып, оған муўапық республикамыз салық системасында әмел қылатуғын ҳәр бир салық түри ҳәр қандай бюджетке түсиўи белгилеп қойылған. Сондай ақ, Министерлер Кабинетиниң қарарына муўапық айырым мәмлекетлик салықлар жергиликли бюджетлерге толық бириктирилиўи ямаса олардан түсимлер республика ҳәм жергиликли бюджетлер ортасында бӛлистирилиўи мүмкин. Усы система әмелиятта нәтийжели қолланылып келмекте. Республикамыз салық нызамшылығында ҳәзирги ўақытта салыққа тартыўдың улыўма белгиленген системасы менен бир қатарда, әмелдеги барлық салықлар орнына бир салықты тӛлеўди кӛзде тутыўшы салыққа тартыўдың айырым тәртиплери де бар. Бул тәртип тӛмендегилер ушын кӛзде тутылған: 1. саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары; 2. әпиўайыластырылған салыққа тартыў системасынан пайдаланып атырған исбилерменлик субъектлери; 3. аўыл хожалығы товарларын ӛндириўши кәрханалар; 4. лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларды ӛткериўге қәнийгелескен юридикалық шахслар; 5. исбилерменлик хызметиниң айырым түрлери менен шуғулланыўшы юридикалық шахслар (билярдханалар, қысқа мүддетли автомобил сақлаў жайлары, балалар ойын автоматлары). Биринши, екинши ҳәм тӛртинши топарлар жалпы дәраматынан бирден- бир салық тӛлейди, үшинши группа бирден-бир жер салығын, бесинши группа қатаң, яғный ийелеген майданы ямаса бар үскенелер санынан келип шыққан ҳалда салық тӛлейди. Юридикалық шахсларды салыққа тартыў тәртибиндеги ӛзине тәнликти мәмлекетимиз салық системасының әҳмийетли ӛзгешелиги сыпатында айтыўымыз керек. Себеби республикамыз салық нызамшылығына муўапық бүгинги күнде мәмлекетимиз экономикасында әҳмийетли болған тараўлар арнаўлы тәртип бойынша салыққа тартылып келинбекте. Сондай ақ, мәмлекетимиз салық системасының әҳмийетли ӛзгешеликлери сыпатында салық тӛлеўшилерге кӛзде тутылған жеңилликлерди де айтыў мүмкин. Соннан экспорт хызметин хошаметлеўге, сырт ел инвестициялар кирип келиўин хошаметлеўге қаратылған, халықтың социаллық жағдайын есапқа алған ҳалдағы жеңилликлерди олардың аңлатпасы сыпатында келтирип ӛтиў мүмкин. Экономикалық әдебиятларда салық сиясатының тийкарғы бағдарлары сыпатында еки бағдар: кәрхана ҳәм шӛлкемлерге болған салық сиясаты ҳәм халықтың түрли социаллық топарлары ушын салық сиясаты киби бағдарларға бӛлип үйрениледи. 28 28 Yahyoev Q. «Soliqqa tortish nazariyasi va amaliyoti». T. «§afur §ulom» 2000. y. 27 bet. Республикамыз ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларында мәмлекет салық сиясатының тийкарғы бағдары базар қатнасықларын қәлиплестириўге қаратылған илимий тийкарланған салықларды енгизиў ҳәм сол арқалы салық системасын түптен қайтадан шӛлкемлестириўден ибарат болды. Салық сиясатының кейинги бағдары болса енгизилген салықлардың нәтийжели әмел қылыўын тәмийнлеў мақсетинде салық қатнасықларын әмелге асырыўшы тийисли мекемелердиң шӛлкемлестирилиўине қаратылды. Соннан, дәслеп Министерлер Кабинети қасында Салық бас басқармасы шӛлкемлестирилген болса, 1994 жылға келип бул басқарма Мәмлекетлик Салық Комитетине айландырылды ҳәм оның территориялық бӛлимлери шӛлкемлестирилди. Буннан кӛринеди, базар экономикасына ӛтиўдиң биринши басқышында салық сиясатында тийкарынан шӛлкемлестириў тәреплерине итибар қаратылды, яғный салықларды енгизиў ҳәм салық сиясатын тиккелей әмелге асырыўшы тийисли мекемелер қәлиплестирилди. Бул дәўирдеги салық сиясатының тийкарғы ӛзгешеликлеринен бири салықлардың кӛбирек фискал әҳмийетинде, яғный кӛбирек итибар мәмлекетлик бюджет дәраматларын қәлиплестириўге қаратылды. Дүнья жүзлик салық сиясаты тәжирийбесинде салыққа тартыўдың тӛмендеги бағдарларына үлкен итибар бериледи: 1) ҳәр түрли меншик формаларына сәйкесленген кәрхана ҳәм шӛлкемлердиң хожалық жүритиўге мүмкин болғанынша экономикалық шәраят жаратыў, оларды базар қатнасықларына кирип барыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў; 2) социаллық-зәрүрий мәмлекетлик ўазыйпаларды орынлаў ушын керек болған финанслық дереклер менен тәмийнлеў; 3) базар экономикасы шәраятында жаңа социаллық-экономикалық факторларды шӛлкемлестириўде қатнасыў, жумыссызларды жумыс пенен тәмийнлеў, экономикалық әззилерге жәрдем бериў; 4) халық турмыс дәрежесин зәрүрий нормада сақлап турыў имканиятын излеў ҳәм тәмийнлеў, салыққа тартылмайтуғын дәрамат минимумын ўақты- ўақты менен арттырып барыў. Бунда «тутыныў себетшеси» мағлыўматларын итибарға алыў. 29 Бүгинги күнде республикамыз салық сиясатының әҳмийетли бағдарлары сыпатында юридикалық ҳәм физикалық шахслар дәраматларын салыққа тартыўды жетилистириў, салыққа тартыў нәтийжелилигин тәмийнлеў, ресурс салықларына кӛбирек итибар қаратыў, салық системасының әпиўайылығына ерисиў, мәмлекет қәрежетлерин оптималластырыўды айтыўымыз мүмкин. Республикамызда салық системасын жетилистириў процесинде хожалық жүритиўши субъектлерге салық жүгин избе-из кемейтиўге айырықша итибар қаратыў лазымлығы билдирилмекте. Бунда биринши гезекте олардың дәраматларынан ӛндирилетуғын туўры салықлардың салмағын кемейтиў кереклиги айырықша әҳмийетке ийе. Буның нәтийжесинде, кәрханалар ықтыярында қалатуғын қаржылар үлесиниң кӛбейиўи есабынан оның айланыс қаржылары муғдарын кӛбейтип барыў ҳәм оптимал дәрежесин сақлаў, ӛндиристи заманагӛйлестириў, оның нәтийжелилигин асырыў мақсетинде кӛбирек инвестиция киритиў, ислеўшилер мийнетин жәнеде хошаметлеў имканиятын береди. Физикалық шахслар дәраматларынын салыққа тартылыўын жетилистириў бойынша тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген салық ставкаларын кемейтиў ҳәм халық дәраматларын салыққа тартыўдың үш басқышлы системасын қолланыў ўазыйпасы әмелге асырылмақта. Туўры салықлар бойынша салық жүгин избе-из кемейтиў салық сиясатының нәтийжелилигин УИӚ ге салыстырғанда олар түсиминиң турақлы кемейиўи тенденциясы да дәлийллейди. Салық системасын жетилистириўде тийкарғы әҳмийет жанапай салыққа тартыўға қаратылған. Жанапай салықлар товарларға салыстырғанда қосымша болған ҳалда, ақырғы нәтийжеде ӛндириўшиниң финанслық ҳалатына туўрыдан-туўры тәсир кӛрсетпейди ҳәмде ӛндиристи раўажландырыўға тосқынлық қылмайды. 29 Yahyoev Q. «Soliqqa tortish nazariyasi va amaliyoti». T. «§afur §ulom» 2000. y. 25 bet. Ресурс салықлары жер, суў ҳәм басқа табиий байлықлардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийнлеўши әмелий қурал болған ҳалда базар экономикасында табиий ресурслардан пайдаланыў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлаў бойынша әҳмийетли рол ойнайды. Салыққа тартыў системасын жетилистириўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири салық системасын тәртипке салыў, салық түрлерин кемейтиў, есап-китап механизмин әпиўайыластырыў ҳәм олар бойынша тӛлеў мүддетлилигин кемейтиў есапланады. Салық сиясаты иләжларын ислеп шығыўда ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири мәмлекет қәрежетлерин ӛз ўақтында ҳәм мӛлшерленген кӛлемде финансластырылыўы ушын салық түсимлериниң жетерлилиги есапланады. Бул ӛз нәўбетинде, салық жүгин кемейтиў бойынша сиясатты бюджеттиң қәрежетлер бӛлимин оптималластырыў шаралары менен қосып алып барылыўын талап етеди. 30 Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling