Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Мәмлекетлик салық комитетиниң ўазыйпалары ҳәм функциялары
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
3. Мәмлекетлик салық комитетиниң ўазыйпалары ҳәм функциялары Мәмлекетлик салық комитетиниң ҳуқуқлары оның басқарыў хызмети ҳаққында түсиник береди. Мәмлекетлик басқарыўдың ҳуқуқлары – ҳәр қандай ўазыйпаны әмелге асырыў мумкинлиги нормасы саналады, оның миннети болса - усы ўазыйпаны тийислисинше әмелге асырыў есапланады. Мәмлекетлик басқарыўдың функциясы тийислисинше оның ҳәрекети нормасы сыпатында ҳәр қандай басқарыў ҳәрекетин кӛрсетиў ўақтында кемирек айқынластырылған миннеттен парқ қылады, норматив тәризде улыўма кӛринисте аңлатылған бир қатар түрли миннетлердиң улыўмаласқаны сыпатында қаралады. Ҳуқуқлар менен мәжбүриятлар ортасындағы парқ оларды әмелге асырыўдың ӛзине тән ӛзгешеликлеринде кӛринеди. Ҳуқуқлар мәмлекетлик шӛлкемге анаў ямаса мынаў мәселелерди шешиўде таңлаў еркинлигин береди. Мәжбүриятлар шӛлкемниң хызмет жүргизиўин турақлы тәртипке салып турады, оларды әмелге асырыў шәр-шәраятлары болса, нызамда анық аңлатылған болыўы лазым. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкеминиң тийкарғы ўазыйпалары тӛмендегилерден ибарат: - салық нызам ҳүжжетлерине бойсыныўы, салықлардың туўры есапланыўы, салықлар толық ҳәм ӛз ўақтында тӛлениўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў; - салық нызам ҳүжжетлерине бойсыныўда зәрүр шәр-шәраятларды тәмийнлеў, салық мәжбүриятларын орынлаўда салық тӛлеўшилерге жәрдем кӛрсетиў; - салық сиясатын әмелге асырыўда тиккелей қатнасыў; - салық субъектлери ҳәм объектлерин толық ҳәм ӛз ўақтында есапқа алыўды тәмийнлеў; - салыққа тийисли ҳуқуқбузарлықларды анықлаў, алдын алыў ҳәм сапластырыў; - қадағалаўшы шӛлкемлер тәрепинен хожалық жүритиўши субъектлер финанс-хожалық хызметин тексериў ҳәм ревизиялаўды муўапықластырыў. Ӛзине жүкленген ўазыйпаларға муўапық Мәмлекетлик салық комитети тӛмендеги функцияларды орынлайды: 1. Нызам ҳүжжетлерине бойсыныўы, салықлар туўры есапланғаны, толық ҳәм ӛз ўақтында тӛлениўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады, усы мақсетте: - салық салыў объектлери ҳәм субъектлерин есапланған ҳәм тӛленген салықларды толық ҳәмде ӛз ўақтында есапқа алыўды, физикалық шахслар исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипке дурыслығы үстинен қадағалаўды тәмийнлеўге тийисли; - салық нызам ҳүжжетлерин бузыў фактлерин топлаў, анализ қылыў ҳәм баҳалаўға ҳәмде салыққа тийисли ҳуқуқбузарлықларға имкан бериўши себеп ҳәм шәраятларды сапластырыў бойынша усыныслыр киритиўге тийисли; - юридикалық ҳәм физикалық шахсларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте оларды дизимге алыў (идентификация ИНН) номерлерин берген ҳалда салық тӛлеўшилер сыпатында оларды есапқа қойыў ҳаққында ҳүжжетлерди бериўге тийисли; - салықлар түсимин тәмийнлеўде тапсырмаларды орынлаў нәтийжелерин анализ қылыўға тийисли; - физикалық шахслар дәраматларын жалпы декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиўге тийисли; - сырт ел инвесторларының инвестиция хызметин салықлар жәрдеминде тәртипке салыў шараларын ислеп шығыўға, мәмлекетлер ара питимлер ҳәм шәртнамаларды таярлаў ҳәм дүзиўге, салық сиясатын, сондай ақ, еки тәреплеме салық салыўды сапластырыў бойынша питимлерди муўапықластырыўға тийисли; - мүддетинде тӛленбеген салықларды ӛндириўге, конфискация қылынған, ийесиз мал-мүлк, ғәзийнелерди, сондай ақ, мийрас қалдырыў ҳуқуқы бойынша мәмлекетке яки пухаралардың ӛзин-ӛзи басқарыў шӛлкемлерине ӛткен мал-мүлкти есапқа алыў, баҳалаў ҳәм сатыў үстинен қадағалаўға тийисли ислерди шӛлкемлестиреди. 2. Бир пүтин мәмлекетлик салық сиясатын әмелге асырыўда қатнасады, усы мақсетте: - салық нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша методикалық ислерди алып барады; - Ӛзбекстан Республикасының Финанс министерлиги ҳәм Ӛзбекстан Республикасының басқа министерлик ҳәмде мекемелери менен биргеликте Ӛзбекстан Республикасы территориясында орынлаў ушын мәжбүрий болған салық нызам ҳүжжетлерин қоллаў мәселелери бойынша кӛрсетпе ҳәм басқа норматив ҳүжжетлерди белгиленген тәртипте дағазалайды; - бюджетке салықлар түсиўи прогнозын ислеп шығыўда қатнасады; - салықларды есаплап жазыў ҳәм тӛлеў менен байланыслы есап- китаплар, декларациялар ҳәм басқа ҳүжжетлер формаларын ислеп шығады; - салық нызам ҳүжжетлери бойынша норматив ҳүжжетлер топламларын таярлайды ҳәм баспадан шығарады. Ӛз қол астындағы шӛлкемлерди нызам ҳәм кӛрсетпе материаллар, салық тӛлеўшилерди есапқа алыў формалары менен тәмийнлеў бойынша шаралар кӛреди. 3. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ҳуқуқлары ҳәм нызамларда қорғалатуғын мәплерин қорғайды, салық салыў мәселелери ҳәм салық нызам ҳүжжетлерин бузыўлар бойынша шағым ҳәм арзаларды белгиленген тәртипте кӛрип шығады, усы мақсетте: - салық нызам ҳүжжетлери мәселелери бойынша норматив ҳүжжетлерди салық тӛлеўшилерге ӛз ўақтында жеткерилиўин тәмийнлейди; - салық нызам ҳүжжетлери ҳаққындағы хабарды баспадан шығарыў, кӛбейтиў ҳәм қол астындағы шӛлкемлерге жеткериў ушын сервис орайлар хызметин, салық тӛлеўшилерди салықларды туўры есаплаў, есабат ҳәм декларацияларды тапсырыўға үйретиўди, сондай ақ, мәсләҳат хизметлерин кӛрсетиўди шӛлкемлестиреди. 4. Ӛзбекстан Республикасын экономикалық раўажландырыў бағдарларынан келип шығып ҳәм Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери тәрепинен салық нызам ҳүжжетлери қолланыўы әмелиятын есапқа алып, Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери исиниң тийкарғы бағдарларын белгилейди, олар хызметин жетилистириўге тийисли комплекс дәстүрлерди ислеп шығады ҳәм әмелге асырады, Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери хызметин тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлери ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығады ҳәмде белгиленген тәртипте киритеди. 5. Хуқуқты қорғаў шӛлкемлери менен биргеликте салыққа тийисли ҳуқуқбузарлықларға қарсы гүрестиң узақ мүддетли ҳәм гезектеги дәстүрлерин ислеп шығады ҳәм әмелге асырады. 6. Салық нызам ҳүжжетлерин бузыўлар ҳаққындағы арзалар, хабарлар ҳәм басқа мағлыўматларды тексереди. 7. Хызмет ўазыйпаларын орынлап атырғанында Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери лаўазымлы шахслар хызметиниң қәўипсизлигин тәмийнлейди. 8. Нызам ҳүжжетлерине муўапық салық тӛлеўши ҳаққындағы мағлыўматлар сыр сақланыўына тийисли иләжларды шӛлкемлестиреди. 9. Қол астындағы бӛлимлер хызмети үстинен қадағалаўды әмелге асырады. 10. Мәмлекетлик салық хызмети территориялық шӛлкемлериниң кадрларды таңлаў ҳәм жай-жайына қойыў бойынша исин шӛлкемлестиреди, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олар қәнигелигин жоқарылатыўды жолға қояды. 11. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери ислеўшилери лаўазымларының тәртиплерин ислеп шығады, басшылар ҳәм қәнигелерди аттестациялаўды, оларға белгиленген тәртипте арнаўлы атақлар берилиўин әмелге асырады. 12. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери исиниң нәтийжели болыўын гӛзлеп: - салық хабарын қабыл қылыў, қайта ислеў, жеткериў ҳәм сақлаўдың ең қыйын процесслерин автоматластырыў мақсетинде салық, түсимлери, барлық салық тӛлеўши юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматларға ислеў бериўдиң компютер системасын жаратады ҳәм оннан пайдаланады, салық тӛлеўши юридикалық ҳәм физикалық шахслардың бирден-бир реестрин қәлиплестиреди ҳәм жүритеди; - Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлериниң материаллық-техникалық тәмийнлениўин, материаллар ҳәм үскенелерге ажыратылған фондлардан пайдаланыў үстинен қадағалаўды әмелге асырады; - Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлериниң социаллық раўажланыў ҳәм материаллық-техникалық тәмийнаты арнаўлы фондын туўры қәлиплестириў, бӛлистириў ҳәм пайдаланыўы үстинен қадағалаў жүргизеди; - салықлар ҳәм салық тӛлеўшилерди есапқа алыўдың бирден-бир компютер системасын жаратыў, Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлерин материаллық-техникалық тәмийнлеў, кадрлар қәнигелигин жоқарылатыў ҳәм қайта таярлаў мақсетинде сыртқы экономикалық хызметти әмелге асырады ҳәм сырт ел салық шӛлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырады. 13. Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың финанс-хожалық хызметин тексериў ҳәмде ревизия қылыўды белгиленген тәртипте муўапықластырады, қадағалаўшы шӛлкемлер тәрепинен хожалық субъектлери финанс-хожалық хызметиниң тексерилиўи ҳәм ревизия қылыўын тоқтатыў ҳаққында усыныслыр киритеди. Нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа функцияларды да орынлайды. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling