Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
- Bu sahifa navigatsiya:
- ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ФИЗИКА САБАҚЛАРЫНДАҒЫ ИЗЕРТЛЕЎ ИСЛЕРИ Г.Жанабергенова
Ádebiyatlar
420 1. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2019 йил 29 апрелдаги «Ўзбекистон Республикаси Халқ таьлими тизимини 2030 йилгача ривожлантириш концепцияси» ПФ-5712-сон Фармони. 2. Рузикулова Н.Ш. Бошланғич синф ўқувчиларининг ахборот билан ишлаш компетенциясини ривожлантириш методикасини такомиллаштириш. пед.фан.фал.док. … дисс., автореферати, - Т.: 2020. – 49 б. 3. Timss 2015 Assessment Frameworks. International Association for the Evaluation of Educational Achievement (IEA). ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ ФИЗИКА САБАҚЛАРЫНДАҒЫ ИЗЕРТЛЕЎ ИСЛЕРИ Г.Жанабергенова –Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистранты Физика сабақларында оқыўшылар пикирлеўди, дәлийллеўди, тапсырмаларды орынлаўдың рационал жолларын табыўды, сәйкес жуўмақлар шығарыўды үйренеди. Қыйыншылықларға қарамастан муғаллимлер оқыўшылардың потенциаллық мүмкиншиликлерин раўажландырыўдың эффектив жолларын ҳәм қуралларын излейди. Буның ушын традициялық оқытыў менен бир қатарда жаңа раўажлдандырыўшы технологиялардан пайдаланады. Традициялық ҳәм раўажландырыўшы оқытыў системаларын салыстырамыз. Егер традициялық оқытыў системасында оқытыў мақсети оқыўшының билим, уқыплылық ҳәм кӛнликпелерди ӛзлестириўи болса, раўажландырыўшы оқытыў системасында-оқыўшыны улыўма раўажландырыў, яғный оның ақылын, жигерин ҳәм сезимлерин раўажландырыў болып, бул оқыўшылардың шахсын қәлиплестириўге бағдарланған [1:31]. Традициялық оқытыў системасында кӛбинесе түсиндириў- иллюстрациялық усыллар, яғный муғаллимлерге таяр билимлерди мәлим етиў усыллары, қолланылады. Раўажландырыўшы оқытыў системасында билимлер таяр кӛринисте берилмейтуғын, муғаллим оқыўшылардың билимлерди излеўин, ашыўын шӛлкемлестиретуғын искер- раўажландырыўшы усыллар басым келеди. Традициялық оқытыў системасында муғаллим-билим бериўши, ал оқыўшы- оқытыў объекти. Раўажландырыўшы оқытыў системасында муғаллим оқыўшылардың изертлеў ислерин шӛлкемлестириўши, ал оқыўшы оқытыўдың белсенди қатнасыўшысы болады. Оқыўшылардың оқыў сабақларындағы искерлигин олардың ҳәр бири билим алыўда ең жоқарғы талапларға ылайық болатуғындай қылып шӛлкемлестириў, ҳәр бир сабақтың физикалық мазмунын таңлап алыў ҳәм топарларға бӛлиў, ӛз оқыўшыларын сабақта да, сабақтан тыс ўақытларда да изертлеў ислерине тартыў, ӛз билимлериниң күшин басқа оқыўшылар менен салыстырып тексерип кӛриўге мүмкиншилик бериў, яғный оларға оқыў искерлиги шегиндеги машқалаларды шешиўди үйретиў, қәлеген, ҳәтте физикалық емес, мәселелерди шешиў жолларын түсиндириў- физика пәни муғаллиминиң баслы ўазыйпасы. Физика пәни муғаллиминиң педагогикалық искерлигиниң тийкары- оқыўшылардың физикалық билимлерди топлаўы ҳәм жоқары қыйынлықтағы мәселелерди шешиў уқыплылығын ийелеўи ғана емес, ал муғаллимниң оқыўшылар менен ҳәр бир физикалық мәселени изертлеў бойынша бирге ислесиўи. Ҳәзирги заман муғаллиминиң ўазыйпасы-жана педагогикалық технологиялардан пайдаланып оқыўшыларды оқыўға үйретиў. Әмелияттың кӛрсетиўинше жаңа 421 билимлендириў технологиялары тек ҳәрекетте ӛзлестирилиўи мүмкин. Ҳәр бир балаға табияттан қоршап турған дүньяны билиў ҳәм изертлеўге бейимлилик инәм етилген. Дурыс жолға қойылған оқытыў бул бейимлиликти жетилистириўи, сәйкес уқыплылықлар менен кӛнликпелердиң раўажланыўына жәрдем бериўи керек. Изертлеў мәселелерин табыслы шешиў ушын тек тилек жеткиликли емес. Оқыўшыларда изертлеўге қызығыўшылық оятып, муғаллим балалардың жумысын олар изертлеў процедурасын, оның тӛмендеги ҳәмме тийкарғы басқышларын избе- из басып ӛтип, еркин ӛзлестиретуғындай қылып шӛлкемлетиреди: - изертлеў искерлигин тийкарлап бериў; - машқаланы қойыў; - материалларды топлаў; - алынған материалларды тәртиплестириў ҳәм талқылаў; - гипотезаларды илгери сүриў; - гипотазаларды тексериў; - гипотезаларджы дәлиллеў яки бийкарлаў. Сабақтағы изертлеў иси- машқалалы мәселени (бир үлгидеги, оқыўшы ушын субъектив жаңа) қойыў ҳәм шешиў формаларының бири. Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling