Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис
Download 6.22 Mb. Pdf ko'rish
|
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЖАҢА ӚЗБЕКСТАН ЖАҢА СОЦИАЛЛЫҚ РЕАЛЛЫҚ СЫПАТЫНДА (Философия пәнинде «Жәмийет философиясы» темасын оқытыў мысалында) А.К.Оразбаев
Әдебиятлар
1. Президент Шавкат Мирзиѐевнинг Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг йигирма тўққиз йиллигига бағишланган тантанали маросимдаги нутқи, 31 Август 2020 й., https://xs.uz/uzkr/post/prezident-shavkat-mirziyoevning-ozbekiston-respublikasi- mustaqilligining-jigirma-toqqiz-jilligiga-bagishlangan-tantanali-marosimdagi-nutqi; 2. Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиѐевнинг Олий Мажлисга Мурожаатномаси, 29 декабрь 2020 й., https://president.uz/uz/lists/view/4057; 3. Перевозчикова Л.С. Аксиологические основания образовательной парадигмы, Вестник РУДН, серия Философия, 2008, № 4, стр-84-88. 4. Королев С.Л. Онтологические и аксиологические аспекты трансформации современного отечественного образования: диссертация... канд. филос. наук, г. Новосибирск, 2007 г., 179 с. ЖАҢА ӚЗБЕКСТАН ЖАҢА СОЦИАЛЛЫҚ РЕАЛЛЫҚ СЫПАТЫНДА (Философия пәнинде «Жәмийет философиясы» темасын оқытыў мысалында) А.К.Оразбаев – ҚМУ еркин излениўшиси Ӛзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиѐевтиң 2020 жыл 29-декабрде Олий Мажлиске қылған мүрәжәтындағы креатив пикирлери ҳәм идеялары Жаңа 189 Ӛзбекстанның жаңа социаллық реаллық сыпатында раўажланыўында методологиялық функцияны атқарады. 2021-жыл Президентимиз тәрепинен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп белгиленди. «Жаңа Ӛзбекстан–мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады», деген идея тийкарында кең кӛлемли реформалар әмелге асырылады. Бириншиден, жас әўладқа бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында сапалы тәлим-тәрбия бериўди жолға қоямыз, олар физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат, ўатанды сүйиўши инсанлар болып ержетиўи ушын барлық күш ҳәм имканиятларды әмелге асырамыз. Екиншиден, жасларды заманагӛй билим ҳәм тәжирийбелер, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар тийкарында ғәрезсиз ҳәм логикалық пикирлейтуғын, жақсы пәзыйлетлер ийеси болған инсанлар етип тәрбиялаймыз. Үшиншиден, ул-қызларымызды мийнет базарында талап жоқары болған заманагӛй кәсип-ӛнерлерге үйретиў, оларда исбилерменлик кӛнликпелери ҳәм мийнетсүйгишлик пәзыйлетлерин қәлиплестириў ҳәм де басламаларын жүзеге шығарыў, жумыс, үй-жай менен тәмийнлеўге итибар қаратамыз. Бир сӛз бенен айтқанда, бала туўылғаннан баслап, 30 жасқа шекем болған дәўирде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, ӛмирде мүнәсип орын табыўы ушын кӛмек беретуғын үзликсиз система жаратылады. Дүнья тәжирийбеси соны кӛрсетеди, жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик етип тәрбиялаў ушын жумсалған капитал жәмийетте жүз, мың есе пайда келтиреди» [1; 7]. Бул белгиленген стратегиялық мақсетлердиң реал тийкарын бериў ушын жәмийетлик сана менен жәмийетлик болмыстың диалектикалық бирлиги негизинде алып барыў талап етиледи. Буның ушын жәмийетлик сананың формаларының (философия, мораль, илим ҳәм т.б.) ҳәзирги Ӛзбекстанның жәмийетлик болмысында сәўлелениўи лазым. Жаңа Ӛзбекстанның жаңа социаллық реаллық сыпатында раўажланыўында методологиялық ӛлшемлерин жасларға түсиндириўде социал-гуманитар пәнлердиң роли айрықша. Әсиресе философия пәнин оқытыўда бул идеяның мазмунының философиялық-методологиялық аспектте ашып бериў талап етиледи. Бунда заманагӛй педагогикалық технологияларды қоллаў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби «Ҳәзирги күнде билимлендириў процессинде интерактив методлар, инновациялық технологиялар, педагогикалық ҳәм хабар технологияларын оқыў процессине қолланыўға болған қызығыўшылық, итибар күннен-күнге артып бармақта. Бундай болыўдың тийкарғы себеплеринен бири, усы ўақытқа шекем, дәстүрий билимде оқыўшы – талапларды тек ғана таяр билимлерди ийелеўге үйретилген болса, заманагӛй технологиялар оларды ийелеп атырған билимлерин ӛзлери излеп табыўға, ғәрезсиз үйрениўге, логикалық тәрептен анализлей алыўларына үйретеди» [2; 5]. Философия пәнинде «Жәмийет философиясы» темасы бойынша семинар сабақты оқытыўда заманагӛй билим технологияларының бири кейс стади методынан пайдаланылса, мақсетке муўапық болады деп ойлаймыз. Себеби ҳәзирги күнде айырым қәнигеликлердиң кӛпшилик топарларында оқыўшылардың саны 27-30 ға шекем оқыўшылардан ибарат болып есапланады. Бундай топарлардағы оқыўшылардың ҳәммесинин билимлерин баҳалаўда ўақыттың жетиспеўшилик жағдайларын жүзеге келтиреди. Бул машқаланы шешиўде кейс стади методының әҳмийети айрықша болып есапланады. Жәмийетлик болмыс жәмийетлик сана түсиниги менен байланыста алып қаралатуғын тӛмендеги үш нызамға кейс стади методы қолланылса, жақсы нәтийжеге ерисиледи. 190 Топарларда ―Жәмийет философиясы‖ темасы бойынша кейсти талықлаў Кейс-стадиди әмелге асырыў басқышлары 1. Анық шараят пенен танысыў 2. Излениўге тийисли: тапсырма материалларында сәўлеленген хабарды баҳалаў. 3. Талықлаў: альтернативалық шешимлердиң имканиятларын талықлаў. 4. Қарарды қабыл қылыў: топарларда шешимди излеп табыў. 5. Дискуссия: ҳәр бир топар ӛз шешимин қорғайды. 6. Нәтийжелерди салыстырыў: топарларда қабыл қылынған шешимлерди салыстырыў. Download 6.22 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling