15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet67/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   198
Bog'liq
Miynet

13.3. Мийнет жәнжеллерин шешиў
Мийнет жәнжеллерин шешиў – бул олардың себеплери ҳәм ақыбетлерине шек қоятуғын процесс ямаса анық мақсетке қаратылған ҳәрекет. Мийнет жәнжеллерин шешиў шөлкемлескен ямаса ықтыярсыз, стихиялы түрде болыўы мүмкин. Карама-қарсылықларды шешиў ҳәм қарама-қарсылықтың өзи ортасына анық шегара қойыў ҳәмийше әмелге асыра бермейди, себеби ол базыда мийнет машқалаларын әмелий жақтан шешиў көринисинде сәўлеленеди.
Теориялық көз-қарастан алғанда мийнет жәнжеллериниң шешилиўи оның қурамалылық дәрежесине тиккелей байланыслы болады. Бирақ изертлеўде бул қурамалылық дәрежесин анықлаў ҳәм болжаў бир қанша қыйын. Себеби ең арзымаған машқалалар да кескин қарама-қарсылықлы жағдай менен тамамланыўы, бир қанша әҳмийетли машқалалар болса базыда ашық ҳәм узақ созылатуғын жәнжеллерге айланбаўы да мүмкин. Солардан келип шығып, мийнет тараўындағы жәнжеллердиң қурамалылығы менен байланыслы төмендеги анық факторларды көрсетип өтиў мүмкин.
1.Жәнжелдиң көлеми. Ол жәнжелде қатнасыўшылардың улыўма саны, бунда тилге алып өтилген шахслар, тәреплер, жәнжелдеги көз-қараслар муғдары менен белгиленеди. Мәселен, келиспеўшилик процесинде үш, төрт ҳәм оннан көп тәреплер, көз-қараслар жүзеге келиўи мүмкин, бул болса оның шешилиўин қурамаластырады. Қатнасыўшылар саны сонша әҳмийетли фактор есапланбаўы мүмкин. Топарлар ортасындағы мийнет жәнжели айырым жумысшылер ортасында болған жәнжел сыяқлы әпиўайы болыўы, топарлар ортасындағы жәнжелде қатнасыўшылар оның көлемлиги, оның менен байланыслы болған ақыбетлер, тәўекелшилик, жуўапкершиликти аңлап жетиўи мүмкин, соның ушын да оны шешиўге шын кеўилден умтылады. Шахслар аралық үстинлик додалаўдың әпиўайылығы менен байланыслы. Додалаў тез жумыс тәртибинде өткерилиўи (егер қәниге ямаса администрацияның қандайда бир машқала жүзесинен пикирлер талап етилмесе) мүмкин, бирақ бул жерде „жәмәәтшилик пикири" ҳәлсизирек, келисимге келиў итималлығы аз болады.
2.Жәнжелли жағдайдың узақта созылыўы. Оның басланғыш басқышында жәнжелди шешиў аңсат болыўы мүмкин, себеби ол еле ҳәўиж алып кетпеген (жеке душпанлыққа айланбаған), жәнжелдиң бузғыншылық ақыбетлери азырақ жәнжел қатнасыўшыларының қурамалы көриниси еле сәўлеленбеген болады. Бул жағдай жәнжелди илажы барынша тезирек шешиў зәрүрлигинен дерек береди. Соның менен бирге жәнжелдиң бир қанша басқышы өзиниң үстин тәрепине ийе болыўы мүмкин, себеби оның себеплери ҳәмме ушын анық ҳәм түсиникли болады, себеби ҳәмме бул жәнжелден шаршаған ҳәм оны тезирек шешиўге умтылады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling