15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-тема. ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИ ҲӘМ ДӘРАМАТЛАРЫ


Download 0.79 Mb.
bet70/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   66   67   68   69   70   71   72   73   ...   198
Bog'liq
Miynet

11-тема. ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИ ҲӘМ ДӘРАМАТЛАРЫ


11.1.“Турмыс дәрежеси” түсиниги ҳәм оған тәсир етиўши факторлар

Халықтың турмыс дәрежеси инсанлар турмысы ҳәм ҳәрекетиниң социаллық-экономикалық шараятлары комплекси менен сәўлелениўши қурамалы ҳәм көп қырлы түсиник болып табылады. Халық турмыс дәрежесин изертлеў жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесине қарамай, барлық мәмлекетлер ушын, тийкарынан, мәмлекетлер аралық салыстырыў ушын актуал болып табылады.


Халықтың турмыс дәрежесин үйрениўдиң ең әҳмийетли тәреплери төмендегилер есапланады:

  • экономикалық ҳәрекет қатнасыўшысы есапланған инсанның тийкарғы сапа өзгешеликлерин баҳалаў (жоқары дәрежеде даўам етиўине ерисиў ушын саламат турмыс тәризин алып барыўға қәбилет; тәлим алыў мүмкиншиликлери, мүнәсип турмыс ушын жетерли қаржыларға ийе болыў ҳәм жоқары кәсиплик сапаларын ийелеў);

  • номинал ҳәм реал дәраматларды баҳалаў;

  • халықтың үй-жай, узақ мүддетли пайдаланыўға мөлшерленген тутыныў байлықлары менен тәмийинлениў өзгешелигин үйрениў.

Халықтың турмыс дәрежеси – бул халық абаданшылығы, товар ҳәм хызметлер тутыныўының дәрежеси, инсанлардың тийкарғы турмыс мүтәжликлерин қанаатландырыў нормасын сәўлелениўши шараятлар ҳәм көрсеткишлер комплекси. Басқаша етип айтқанда, турмыс дәрежеси жәмийетте жасаўшы инсан мүтәжликлериниң раўажланыўы ҳәм қанаатландырылыўы дәрежесинен ибарат болып, ол түрли товарлардың тутынылыўы ямаса тутыныў ушын алынғанлардың пайдалылық дәрежеси менен белгиленеди.
11.1-кесте
Халық турмыс дәрежеси компонентлери

БМШ концепциясы

Швед модели

1. Саламатлық

1. Мийнет ҳәм мийнет шараяты

2. Аўқатланыў

2. Экономикалық мүмкиншилик

3. Тәлим

3. Сиясий мүмкиншилик

4. Бәнтлик ҳәм мийнет шараяты

4. Мектеп тәлими

5. Турақ жай шараяты

5. Саламатлық ҳәм медициналық жәрдемнен пайдаланыў

6. Социаллық тәмийнат

6. Социаллық мүмкиншилик (шаңарақ ҳәм шаңарақ қатнасықларының қәлиплесиўи)

7. Кийим-кеншек

7. Турақ жай

8. Дем алыў ҳәм бос ўақыт

8. Аўқатланыў

9. Инсан ҳуқықлары

9. Бос ўақыт ҳәм оны өткериў

Дерек: Қ.Х.Абдураҳмонов, X.X.Абдураманов. Аҳоли ҳаёт тарзи ва даромадлари: Ўқув-қўлланма. -T.: TDIU, 2011

11.1-кестеде турмыс дәрежеси компонентлерин сәўлелендириўши БМШ концепциясы (1961 й.) ҳәм швед модели (70-жыллар) көрсетилген. Көринип турғанындай, БМШ концепциясында тийкарғы итибар саламатлық ҳәм аўқатланыўға, швед моделинде болса мийнет ҳәм мийнет шараятларына қаратылған.


Халық турмыс дәрежесиниң түрли компонентлери бар (11.1-кесте).
Халық мүтәжликлериниң ҳәр қыйлылығы, олардың шексизлиги, салыстырыўдың өзине сәйкес қыйыншылықлары турмыс дәрежесин сәўлелениўде системалы көз-қарастан пайдаланыўға мәжбүр етеди. Бир-биринен ажыралып турыўшы, бир тәрептен, инсанлар турмысы материаллық шараятларының структуралық бөлимлерин, басқа тәрептен болса, олардың қулқын өз ишине алыўшы бул категорияны үш дәрежели система көринисинде көрсетиў мақсетке муўапық (11.1-сүўрет).

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   66   67   68   69   70   71   72   73   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling