15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Халық абаданшылығын қураўшы компонентлер


Download 0.79 Mb.
bet72/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   198
Bog'liq
Miynet

11.2-сүўрет. Халық абаданшылығын қураўшы компонентлер

Абаданшылықтың еки сапа дәрежеси ажыратылады:


–инсанның (шаңарақтың) дәслепки мүтәжликлерин орташа турмысы менен ҳәм оның ҳәрекетин сақлап турыў ушын белгиленген муғдардағы азық-аўқат (дәслеп, белок-калориялы қуны бойынша), кийим, үй-жай, ден саўлықты сақлаў, жеке қәўипсизлик пенен турақлы қанаатландырыў;
–материаллық тойымлылық, онда дәслепки мүтәжликлерди қанаатландырыўдың ерисилген жоқары дәрежеси шаңарақ ҳәм оның ҳәр бир ағзасының мүтәжликлерин қанаатландырыўдың ең мақул, жеке тәртипке мөлшерленген түрине өтиўине мүмкиншилик береди.
Халықтың турмыс дәрежеси – мәмлекеттиң социаллық-экономикалық сиясаты нәтийжелилигин баҳалаўдың ең әҳмийетли критериясы есапланып, оның әмелге асырылыўы жәмийет раўажланыўының тийкарғы мақсети. Дәслеп, турмыс дәрежеси еки структуралық бөлимниң бирикпеси ҳәм өз-ара байланыслылығы менен сәўлеленеди: халықтың материаллық ҳәм материаллық емес байлықлар менен тәмийинленгенлик ҳәм олардың тутыныў дәрежеси.
“Турмыс дәрежеси” түсиниги анық сәўлеленгенлиги менен, оған қәнигелер тәрепинен берилген тәрийплер ҳәр қыйлы.
Экономист алымлардың бир бөлими “турмыс дәрежеси” түсинигине – турмыс дәрежеси – бул материаллық, руўхый ҳәм социаллық мүтәжликлерди қанаатландырыў дәрежеси5, деп тәрийп берген. Бул тәрийп көбирек турмыс дәрежесиниң статистикасын сәўлелендиреди, себеби турмыс дәрежеси көплеген факторлар тәсири астында өзгерип турыўшы динамикалық процесс есапланады. Бир тәрептен, турмыс дәрежеси турақлы өзгерип турыўшы түрли байлықларға мүтәжликлердиң дүзилиси ҳәм үлкен-кишилиги менен белгиленеди, басқа тәрептен болса, базардағы товарлар ҳәм хызметлер, халық дәраматлары, хызметкерлер мийнет ҳақылардың жағдайынан келип шыққан ҳалда, мүтәжликлерди қанаатландырыў мүмкиншилиги менен шекленип қалады. Бирақ, мийнет ҳақы муғдары да, турмыс дәрежеси де өндирис, илимий-техникалық раўажланыў көлеми ҳәм нәтийжелилиги, халықтың мәдений-руўхый дәрежеси ҳәм оның дүзилиси, миллий өзине сәйкес өзгешеликлер, сиясий ҳәкимият пенен белгиленеди.
“Турмыс дәрежеси” түсинигине А.С.Ревайкин тәрепинен жүдә кең тәрийп берилген. Оның пикиринше, бул қурамалы комплексли категория болып, физикалық, руўхый ҳәм социаллық мүтәжликлердиң раўажланыў ҳәм олардың қанаатландырылыў дәрежесин, сондай-ақ, бул мүтәжликлерди раўажландырыў ҳәм қанаатландырыў ушын жәмийеттеги бар шараятларды көрсетеди6.
Бул орында биз “турмыс дәрежеси” түсинигиниң мазмунын тутыныў тараўы менен шеклейтуғын авторлар менен бир пикирдемиз. Яғный, турмыс дәрежеси дегенде, халықтың зәрүрли материаллық ҳәм материаллық емес товарлар ҳәм хызметлер менен тәмийинленгенлик дәрежеси, оларды тутыныў дәрежеси түсиниледи7.
Раўажланған мәмлекетлерде өндирис факторы халық турмыс дәрежесин пайда етиўши ҳәм оған тәсир етиўши әҳмийетли фактор есапланады. Себеби, турмыс дәрежеси көрсеткишлери менен өндирис нәтийжелилиги ортасында тығыз байланыслылықтың барлығы ҳәммеге мәлим. Мәселен, турмыс дәрежеси ҳәм мийнет өнимдарлығының ерисилген дәрежеси ортасында туўры сызықлы өз-ара байланыслылық бар болып, ол мийнет өнимдарлығы ҳәм сапасы төмен болған ўақытта, халықтың жоқары турмыс дәрежесин тәмийинлеўдиң мүмкиншилигиниң болмаўы менен сәўлеленеди.
Халықтың турмыс дәрежеси ҳәм тутыныў баҳалары менен өз-ара қатнастағы реал дәраматлары (пуллық ҳәм улыўма) тығыз туўры байланысқа ийе. Олар күнделикли тутыныў мүмкиншиликлерин алдыннан белгилеп қояды, халық тәрепинен товарлар ҳәм хызметлердиң тутынылыўы болса турмыс дәрежесиниң ең әҳмийетли структуралық бөлимлеринен бири болып табылады. Халықтың түрли социаллық қатламлары турмыс дәрежесиниң анық анализ дәраматларын бөлистириў, сондай-ақ, абаданшылық ҳәм тутыныў ҳаққындағы статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыўға тийкарланған, себеби товарлардың бөлистирилиўиниң тегис емеслиги себепли жәмийеттиң социаллық қатламға бөлиниўи жүзеге келеди. Соның ушын дәраматлардың ажыралыў көрсеткишлери есап-санағы (децил ямаса квинтил коэффициенти, Джини индекси) зәрүр. Соның менен бирге, дәраматлардың жетерлилик дәрежесин ҳәмде халық түрли топарларының тутыныў дәрежесин баҳалаў ушын халық турмыс дәрежеси көрсеткишлери дүзилисине кириўши қашақлыққа жақынласыў ўақтын анық белгилеп алыў зәрүр. Сондай-ақ, дәраматлардың бөлиниўине ҳәм тутыныўға тәсир көрсетиўши салықлар, хызметлер ҳәм социаллық трансфертлер де турмыс дәрежеси факторлары қатарына киреди.
Солай етип, турмыс дәрежеси ҳәм сапасының ҳәр бири халықтың қандайда бир тәрепи барысында түсиник пайда етиўши көрсеткишлер системасы менен белгиленеди. Турмыс дәрежеси ҳаққында толық түсиникке ийе болыў ушын халық дәраматларын, материаллық байлықлар ҳәм түрли хызметлердиң тутыныў дәрежеси ҳәм дүзилислерин, үй-жай, мәдений-хожалық буйымлары менен тәмийинлениўи комплексли түрде үйрениў зәрүр.
Турмыс дәрежеси көп санлы, ҳәр қыйлы факторларға байланыслы болған көп тармақлы ҳәдийсе болып табылады. Қәлеген адамның турмысы ҳәм ҳәрекети ҳаўа ҳәм суў орталығының, үй-жай, хожалық ҳәмде өндирис шараятларының, тутыныў товарлары муғдары ҳәм сапасының аўҳалынан баслап, улыўма социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық жағдайлар, сондай-ақ, сиясий институтлар аўҳалына қарай болған тәбийий ҳәм социаллық факторлардың кең спектри менен белгиленеди. Факторлардың ең әҳмийетли топары – сиясий ҳәм экономикалық факторлар, социаллық тараў, илимий-техникалық процесс, экологиялық орталықтың раўажланыў факторлары болып табылады.
Жоқарыдағы факторлардың тәсири тәбийий ықлым шараятлары ҳәм байлықлардың (инсан, мийнет, өндирис, финанслық, мағлыўмат, руўхый) бар болыўы менен күшейиўи ямаса ҳәлсизлениўи мүмкин. Лекин, бул жерде тиккелей байланыслылық жоқ. Мәселен, жүдә дефицит тәбийий байлықларға ийе болған Япония ҳәм Швейцария бай мәмлекетлер есапланады. Халқы саны көп болған мәмлекетлерде де (АҚШ, Германия, Япония), киши болған мәмлекетлерде де (Люксембург, Финляндия, Швейцария) жоқары дәрежедеги абаданшылық болады. Мәселен, Канада, Норвегия, Россия (арқа регионлар) аўыр ықлым шараятларына ийе, турмыс дәрежеси бойынша болса бул мәмлекетлер бир-биринен ажыралады.
Енди халықтың турмыс дәрежесине тәсир етиўши факторларға кеңирек тоқталып өтемиз.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling