15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Экономикалық факторлар.
- 11.3-сүўрет. Миллий байлық дүзилиси
- Миллий дәрамат
- Тутыныў фонды
- Жамғарма фонды
Сиясий факторлар. Ҳәр бир мәмлекетте халықтың турмыс дәрежеси жәмийет (мәмлекет) өзгешелигине, регион институтының беккемлигине ҳәм инсан ҳуқықларына әмел етиўине, ҳәкимият түрли тармақларының өз-ара қатнасқа, оның басқа регионлар (кәрханалар) менен өз-ара қатнасықларына, қарсы күшлер, ҳәр қыйлы партиялардың бар болыўына байланыслы.
Экономикалық факторлар. Халық турмыс дәрежесиниң әҳмийетли структуралық бөлими есапланған миллий байлықтың экономикалық мүмкиншиликлерге байланыслы. Ол материаллық байлықлар, мийнет есабына жамғарылған өнимлер ҳәмде жәмийет ийелигиндеги есапқа алынған ҳәм экономикалық қатнасыққа тартылған тәбийий байлықлардың жыйындысы болып табылады. Миллий байлықтың үзликсиз толып барыўы (оның әпиўайы ҳәм кеңейтирилген қайта ислеп шығарылыўы) ислеп шығарылған өним есабына әмелге асырылады. Байлық көрсеткишлери социаллық өндирис материаллық шараятларды ҳәм улыўма жәмийет турмысын характерлейди, социаллық өним муғдары болса белгили дәўир даўамындағы өндирис процесси нәтийжеси сыпатында, сондай-ақ, байлық элементлериниң орнын толтырыў ҳәм оны көбейтиў дереги сыпатында шығады. Жамғарылған байлық ҳәм социаллық өнимлер көлеми мәмлекеттиң экономикалық қүдиретин ҳәмде тутыныў, дәраматлар, турмыс дәрежеси көлемин де сәўлелендиреди. Миллий байлықтың беккемленген дүзилиси 11.3-сүўретте көрсетилген. 11.3-сүўрет. Миллий байлық дүзилиси Миллий байлықтың структуралық бөлими жәмийет абаданшылығының материаллық шараятлары комплексин анықлайтуғын миллий мүлк ҳәм алдыңғы әўладлар мийнетиниң нәтийжеси. Оның муғдары ҳәм дүзилиси басқа бирдей шараятларда ЖИӨ өсиўи ҳәмде мәмлекет абаданшылығының өсиўи ушын үлкен мүмкиншиликлерди талап етеди. Экономикалық факторлар арасында миллий дәраматтың өсиўи айрықша роль ойнайды. Оның көлеминиң көплиги ҳәзирги әўлад мийнетиниң нәтийжеси ҳәм тутыныўдың өсиў дереги. Миллий дәрамат – бул өндирис процесинде тутынылған мийнет қураллары ҳәм материаллық қәрежетлерден басқа улыўма социаллық өнимниң бир бөлими болып, ол жаңадан жаратылған қун, яғный бул жылдағы өндиристиң жәмийет абаданшылығы ушын жыйындысы болып табылады. Бул жәмийеттиң сап “ислеп табылған” дәраматы болып есапланады. Тутыныў фонды – бул адамлардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин ҳәм улыўма жәмийет мүтәжликлерин (өндирис тараўына, қорғаў қәрежетлери) қанаатландырыўын тәмийинлеўши миллий дәраматтың бир бөлими. Бул фонд муғдары мүтәжликлерди қанаатландырыўдың мүмкиншиликлерин белгилейди. Жамғарма фонды – бул илим-техника раўажланыўы, өндирис раўажланыўын тәмийинлеўши миллий дәраматтың бир бөлими. Мийнет өнимдарлығы дәрежеси ҳәм динамикасы ЖИӨ ҳәмде миллий дәраматтың өсиўиниң ең әҳмийетли факторы. Демек, халықтың турмыс дәрежеси де мийнет өнимдарлығы динамикасына байланыслы түрде асады (пәсейеди). Өз гезегинде, мийнет өнимдарлығы илим-техниканың раўажланыўына, мийнетти шөлкемлестириўди, өндирис ҳәм басқарыўды жетилистириўге, социаллық-экономикалық факторларға (хожалық механизмин жетилистириў, мийнеттиң тийкарлары, социаллық тараўды раўажландырыў) байланыслы. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling