15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet71/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   198
Bog'liq
Miynet

Биринши дәреже халықтың тутыныў тараўындағы турмысы ҳәм ҳәрекети шараятларының сыртқы комплексин көрсетеди. Бул шараятлар бирлемши, басқа структуралық бөлимлерге қарай анықлаўшы. Соның ушын детерминантлар деп аталады. Детерминантлар кең түсиник есапланып, инсанлар ҳәрекетиниң барлық, тек ғана экономикалық емес, бәлким тарийхый, этикалық, сиясий шараятларын өз ишине алады.
Усы мәнисте олар “турмыс дәрежеси” категориясын басқа социаллық-экономикалық объектлер менен бирлестиреди. Турмыс дәрежесиниң орайлық өзгешелиги бул категорияның доминанты болып шығыўшы ҳәм оның жүзеге келиў механизмин сәўлелендириўде екинши дәреже әҳмийетин қураўшы халық мүтәжликлери.

1-дәрежели
халықтың турмыс дәрежеси детерминантлары




2-дәрежели халықтың турмыс дәрежеси доминантлары







3-дәрежели халықтың
турмыс дәрежеси көринислери


11.1-сүўрет. Халық турмыс дәрежесиниң ишки дүзилиси


Үшинши дәреже инсанлардың тутыныў тараўындағы минез қулқы болып, ол тутыныўшылардың анық ҳәрекетлеринде, тутыныўында, олардың турмыс методы ҳәм тәризинде ҳақыйқый тымсалын табыўшы түрли мүтәжликлерин қанаатландырыўға қаратылған.
Турмыс дәрежесиниң системалы анықлаўдағы үш тәреп избе-из бир-бирине байланыслы: турмыстың сыртқы шараятлары (детерминантлар) халық мүтәжиклерин жүзеге келтиреди, бул мүтәжликлер (доминантлар) болса, өз гезегинде, инсанлардың тутыныў тараўындағы қулқын белгилейди.
Детерминантлар көп санлы ҳәм түрли болады. Олар тутыныўшы – инсан турмысы ҳәм ҳәрекетиниң барлық тараўларында оның активлигин белгилеп, тиккелей инсанның өзине тийисли болады. Дәслеп, социаллық өндиристе бәнт болғанлардың жынысы, жасы ҳәмде шаңарақ өзгешелиги, социаллық тийислилиги ҳәм мийнетиниң өзине сәйкес өзгешелиги, мағлыўмат дәрежеси көзде тутылады. Басқа детерминантлар тутыныў тараўының ҳәр қыйлы параметрлерин анықлап, инсанлар турмысының тәбийий-ықлым ҳәм миллий-этникалық өзгешеликлерин көрсетип, тутыныўшы турмысы ҳәм турмысының сыртқы шараятларын анықлайды.
Мүтәжликлер экономиканың фундаментал категорияларынан бири есапланып, “халықтың турмыс дәрежеси” түсинигиниң тәрийпин бериўге мүмкиншилик туўдыратуғын әҳмийетли атама болып табылады. Мүтәжликлер физикалық (азық-аўқат, кийим-кеншек, үй-жай) ҳәм социаллық (тәлим, мәденият, көркем өнер) болып бөлинеди.
Физикалық мүтәжликлер инсан организминиң орташа турмысы ҳәм ҳәрекети ушын зәрүр болған объектив шараятлардың мазмунын көзде тутады. Өз өзгешелигине қарай, социаллық мүтәжликлер инсанның социалласыў процесси менен байланыслы ҳәм оның жәмийеттиң ағзасы сыпатындағы турмыс ҳәрекети шараятларын сәўлелендиреди. Бундай мүтәжликлердиң өзине сәйкес өзгешелиги раўажланыўдың шексизлиги, олардың турақлы көбейип ҳәм раўажланып барыў болып табылады.
Экономикалық раўажланған мәмлекетлерде турмыс дәрежеси халық тәрепинен алынатуғын дәраматлар, аўқатланыў дәрежеси, турақ-жай шараятлары ҳалатына тийкарланады, қашшақлық болса тек ғана физикалық мүтәжликлерди қанаатландырыў ушын жетерли болған азық-аўқат қәрежетлериниң үлеси менен баҳаланады.
“Турмыс дәрежеси” қурамалы ҳәм көп мәнисли түсиник сыпатында қашшақлық, халық абаданшылығы, турмыс сапасы, хызметкерлердиң материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў дәрежеси, халықтың экономикалық ҳәм социаллық аўҳалы сыяқлы бир неше бир-бирине жақын категорияларға ийе.
“Халық турмыс дәрежеси” түсинигиниң анықламасы бир қанша қурамалылығы себепли, оған жәмийеттеги ҳәдийселерди изертлеўдеги экономикалық статистикаға сәйкес болған санлы ҳәм сапалы өлшемлер, экономикалық-статистикалық көрсеткишлер системасы жәрдеминде ерисиледи.
“Турмыс дәрежеси” дегенде халықтың турмыс ушын зәрүр болған материаллық, руўхый ҳәм басқа байлықлар менен тәмийинленгенлиги, ерисилген тутыныў дәрежеси ҳәм адамлардың бул байлықларға болған мүтәжликлериниң қай дәрежеде қанаатландырылғанлығы түсиниледи”3
Халық турмыс дәрежеси жағдайының өзгериў бағдарлары ҳәм нызамшылықты анықлаў ушын төмендегилерди үйрениў талап етиледи:
– дәраматлар, қәрежетлер ҳәмде материаллық, мәдений ҳәм хожалық байлықларын тутыныў көрсеткишлериниң өзгериў дүзилиси, динамикасы ҳәм темплерин;
– халықтың дәраматлар ҳәм тутыныў дәрежеси бойынша классификацияланыўы ҳәмде оған социаллық-экономикалық факторлардың тәсирин.
Ҳәзирги ўақытта шаңарақ дүзилиси, халық бәнтлиги, дәраматлары ҳәм олардың қәлиплесиў дереклери, халыққа мәдений-хожалық хызмет көрсетиў, бос ўақтын шөлкемлестириў, тутыныўшылар талаплары, басқа социаллық мәселелер бойынша жәмәәтшилик пикири ҳаққындағы мағлыўматларды топлаў ушын таңлаў усылын қоллаў бир қанша кеңейген. Соны да айтыў мақсетке муўапық, халық турмыс дәрежеси тек ғана айрықша шаңарақлар, жәмәәтлердиң мийнети ҳәм экономикалық активлиги менен, бәлким экономиканы раўажландырыў нәтийжелилиги ҳәм улыўма миллий байлық дәрежеси, жәмийеттеги социаллық-экономикалық қатнасықлардың аўҳалы ҳәм раўажы, социаллық мақсетке қаратылған нызамлы тийкардың барлығы ямаса жоқлығы менен белгиленеди.
Турмыс дәрежеси ҳәм сапаны баҳалаўдың әҳмийетли мәселелеринен бири – бул түсиниктиң дүзилиси ҳәм мазмунын ашып бериўши көрсеткишлер дизимин анықлаў ҳәм дүзиў есапланады. Турмыс дәрежеси ҳәм сапасына берилген тәрийплердиң раўажланыў тарийхын сәўлелендириўши “турмыс дәрежеси”, “халық абаданшылығы”, “турмыс тәризи”, “турмыс сапасы” сыяқлы түсиниклер халық абаданшылығын сәўлелендириў ушын қолланылады (11.2-сүўрет).
В.Н.Бобков, А.П.Починок ҳәм басқа бир қатар экономист алымлар “абаданшылық” түсинигине төмендегише анықлама берген: абаданшылық – бул халықтың турмыс ушын зәрүр материаллық, социаллық, мәдений ҳәм руўхый байлықлар, яғный инсан мүтәжликлерин қанаатландырыўшы элементлер, хызметлер ҳәм шараятлар менен тәмийинленгенлиги4.
Халық абаданшылығын сәўлелендириў ушын социаллық классификацияны есапқа алған ҳалда жан басына туўры келетуғын дәраматлар, тутыныў ҳәм үй хожалықларының тийкарғы байлықлар менен тәмийинленгенлиги, халықтың дәраматлар ҳәм тутыныў бойынша классификациялаў, тиришилик минимумы, қашшақлық дәрежелери ҳәмде турмыс стандарты сыяқлы қатар түсиниклер қолланылады.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling