15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Жәнжелдиң жаңалығы ямаса уқсаслығы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 4. Жәнжелдиң объектив ямаса субъектив себеплери.
- 5. Жәнжеллесиўши тәреплердиң субъектив классификациясы.
3. Жәнжелдиң жаңалығы ямаса уқсаслығы. Егер бул түрдеги жәнжел алдын да жүз берген болса, ол ҳәзир бираз азырақ кескинликте өтеди. Оның қатнасыўшылары жәнжел машқаласына әдеттеги таныс машқала сыпатында қарайды, оның шешилиўине исеним менен қатнаста болады.
4. Жәнжелдиң объектив ямаса субъектив себеплери. Объектив себеплер менен келип шыққан жәнжеллерди шешиў бир қанша қурамалы, себеби бунда шөлкемлестириўшилик-мийнет өзгерис киритиўди талап етиледи. Ҳәзирги ўақытта қатнасыўшылар машқаланың объектив, шахстан тысқары өзгешеликке ийе екенлигин аңлап жеткен ҳалда жәнжелдиң өзине бир қанша әсте ақырын, әмелий тәризде жантасыўы мүмкин. Бул ҳалда жәнжел тийисли шөлкемлестириўшилик-мийнет өзгерислерин әмелге асырыўды күтиўге айланады. 5. Жәнжеллесиўши тәреплердиң субъектив классификациясы. Егер жәнжел қатнасыўшылары тәжирийбе, мәденият, мағлыўматқа ийе болса, ол ҳалда машқаланы қандай етип жақсырақ ҳәм тезирек шешиў жолларын қурыўға, келиспеўшилик шараятында ең жақсы қатнасық усылларын табыўға қәдир болады. Бирақ кескин жәнжеллер тек ғана жумысшылар дәрежесинде емес, бәлким қәнигелер, басшылар дәрежесинде де жүз береди, тек ғана өндирис топарларында емес, бәлким ақылый мийнет жәмәәтлеринде де болыўы мүмкин. Мәденияттың жоқары дәрежеде болыўы базыда керисинше, адамлардың мәселеге жәнеде принципиал қатнаста болыўы себепли келиспеўшиликлер жәнеде ҳәўиж алып кетиўи де мүмкин. Мийнет жәнжеллерин шешиўдиң төмендеги анық стандартларын ажыратып көрсетиў мүмкин: 1.Егер келиспеўши тәреплер машқаланы шешиў жолларын таба алмаса, олар шөлкемде ямаса шөлкемлер ортасында социаллық келисимди сақлаў мақсетинде өзлериниң даўаларынан өз-ара ўаз кешеди. 2.Жәнжеллесип атырған тәреплерден бири өз даўаларынан ўаз кешеди, оларды онша әҳмийетли емес, деп есаплайды. 3.Жәнжеллесип атырған тәреплер келисимге келиў вариантын излейди, келисиў мақсетинде өз даўаларының бир бөлиминен ўаз кешеди (даўаларынан толық ўаз кешип болмайды). 4.Ҳәр еки тәреп өз даўаларын әмелге асырыўы мүмкин, егер жаңа ресурслар таўылғанда, жәнжел машқаласы қандайда бир үшинши тәрепке байланыслы болғанда, яғный мине усы үшинши тәреп есабына шешилсе, өз даўаларын әмелге асырыўы мүмкин. Жәнжелди шешиўдиң төмендеги түрлери бар: айрықша түр, бунда социаллық-мийнет қатнасықлары процесинде жәнжеллесиўши тәреплер машқаланы ғәрезсиз түрде, өз ўазыйпалары ҳәм функциялары шеңберинде сапластырыўға ериседи. улыўма шөлкемлестириўшилик түри, бунда мийнет жәнжели шөлкемлестириўшилик өзгерислер нәтийжесинде шешиледи; ғәрезсиз түр, бунда жәнжеллесиўши тәреплер өз мүмкиншиликлери, қәлеўи ҳәм қәбилетине таянып, машқаланы шешеди; массалық түр, бунда машқаланы шешиўде әтираптағылар қатнасады, олар қайырхомлық билдиреди, мәсләҳәт береди, мақуллайды ямаса қаралайды; административлик түр, бунда машқаланы тәртипке салыў тек ғана администрацияның араласыўы ҳәм тийисли қарарлар қабыл етиўи менен шешиледи. Мийнет жәнжеллерин шешиўдиң төмендеги формалары бар: 1. Қайта шөлкемлестириў – келиспеўшиликти келтирип шығарған шөлкемлестириўшилик-мийнет тәртибин өзгертиў, жәнжеллесиўши тәреплерге қарағанда гүресип көндириўге урынып өзгертпеў. 2. Мағлыўмат формасы, яғный жәнжеллесиўши тәреплер ойындағы жағдай тәризин қайта гүресиўге, келиспеўшиликке қарағанда туўры көз-қарасқа ерисиўге қаратылған социаллық-психологиялық тәртипке салыў, бул анық жағдайда бирге ислесиўге ерисиўдиң пайдасын пропагандалаў. 3. Өзгертиў формасы, яғный жәнжелди пайдасыз душпанлық жағдайынан додалаў алып барыў жағдайына көшириў. 4. Алжастырыў – жәнжеллесиўши тәреплер дыққат-итибарын басқа машқалаларға бурыў ямаса олар қатнасықларының унамлы тәрепине көшириў. 5. Узақластырыў - жәнжеллесиўши тәреплерди улыўма шөлкемлестириўшилик- мийнет қатнасықларынан қутқарыў, мәселен, басқа жумыс орнына, басқа бөлинбелерге өткериў, кадрларды алмастырыў. 6. Итибар бермеў - келиспеўшилик өз-өзинен шешилиўи ушын ямаса жәнжелге итибар қаратылыўы оның кескинлесиўине тәсир етпеўи ушын оған итибарсызлық пенен қараў. 7. Басып қойыў - бул сондай жағдай, онда келиспеўшилик себеплери сапластырылмайды, бирақ ҳәр қандай жәнжелли қатнасық бир ямаса ҳәр еки тәреп ушын административлик қорқытыў менен қадағаланады. 8. Комфорт абзаллық – машқалалы көпшилик пайдасына шешиў, социаллық жақтан бир қанша күшли болған тәреп мәплерин қанаатландырыў. Мийнет жәнжелиниң шешилиўи көп тәрептен шахслар ҳәм топарлардың белгили бир шараятларындағы қатнасық өзгешеликлери менен белгиленеди. Жәнжеллердеги айырым унамсыз қатнасық усылларына төмендегилерди киритиў мүмкин: Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling