15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet65/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   198
Bog'liq
Miynet

13.2 - сүўрет. Мийнет тараўындағы жәнжеллер белгилериниң сәўлелениў өзгешелиги ҳәм дәрежесине қарай түрлери
Егер шахслар ортасындағы келиспеўшиликлер топарлар ортасындағы жәнжеллерге айланып кетсе, базыда топарлар ортасындағы жәнжеллер усы топарлар ишиндеги жәнжеллерге айланады. Шахслар аралық ҳәм топарлар аралық дәрежелерде бирдей жәнжеллер тек ғана бир-бирин жүзеге келтирип қалмастан, соның менен бирге бир-бирин басады, басқасын келтирип шығарады. Базыда мийнет тараўындағы жәнжеллердиң субъектлери өз-өзинен жеке-жалғыз келип шығатуғын шахслар, жәмәәтлер ҳәм масса емес, бәлким тәжирийбели ҳәм талапшаң активлер ҳәм басым өткериўши топарлар болып шығады, олар шөлкемлестириўшилик-мийнет қатнасықларын тәртипке салыў процессине тәсир өткереди.
Шөлкемлестириўшилик-мийнет қатнасықларындағы жәнжеллер процесси көбинесе төмендеги әҳмийетли жағдай менен белгиленеди. Мийнет тараўындағы жәнжел субъектлери бир-биринен жетерли дәрежеде хабардар болмайды, бир ямаса еки тәреплеме дурыс емес мағлыўматларға тийкарланады, бул болса күтилмеген ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң субъектлери көбинесе бирдей тәсир көрсетпейтуғын факторлар болады, олар улыўма түрли социаллық күшке ийе болып, жәнжелли жағдайдың белгили бир басқышында роль ойнайды. Бул күшлердиң қатнасын мийнет жәнжеллери қатнасыўшылары туўры ямаса базыда натуўры аңлап жетеди, бул да жәнжелтиң социаллық себеби болыўы мүмкин.
Барлық мийнет жәнжеллери „қайталанбас" есапланады, себеби онда түрли социаллық-экономикалық топарлар қатнасады, олардың роли ҳәм аўҳалы да ҳәр қыйлы болады. Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң бирлемши агентлери сыпатында айырым хызметкерлер, мийнет топарлары, шөлкемлердиң жәмәәтлери жүзеге шығады, мийнет процесинде ҳәм бөлистириў қатнасықларында солардың мәплери соғылысады; мине солар қандайда бир қарама-қарсылықларды әсиресе анық сезеди ҳәм принципиал қатнаста болады. Жәнжеллерге екилемши қатнасыўшылардың келип қосылыўы ықтыярлы түрде, ақылға муўапық жүзеге келеди ямаса дәслепки агентлер көбирек қатнасыўшыларды тартады. Бундай қосылыў көплеген себеплерге қарай жүзеге келеди. Жәнжеллер социаллық базасы кеңейгенде жәнжел келтирип шығарыўшы машқаланың өзи қурамаласып, жәнеде қәте түс алыўы мүмкин. Бул болса жәнжеллерди шешиў ушын жақсырақ шәрт-шараят жаратыўға мейилирек болады.
Жәнжеллер орталығы қандайда бир шахслар ямаса топардың жәнжелли жағдайға бийтәреп болып қарап турыўы ямаса оны босастырыў ушын араласыўдан өзин сақлаў, ямаса жәнжелли жағдайдың даўам етиўинен мәпдар болыўы ҳәм күтип турыў жолын тутыўы себепли жүзеге келеди. Жәнжеллерге өз жолын белгилеп алмаған, оны түсинип жетпеген адамлар қосылмайды.
Айырым жағдайларда жәнжелдиң тиккелей агентлери өз ишки тартысыўларына кең социаллық колем бағышлап, өз мәплерин көпшиликтиң мәпи деп усынады. Бул болса олардың тутқан жолына жәнеде рәсмий күшлирек түс береди. Ҳақыйқатта болса көбинесе мийнет жәнжеллери пайда болғанда олардың социаллық дүзилиси қурамалы болады, жәнжелге ким қандай қатнаста болыўы түсинерсиз болып қалады.
Жәнжеллер ўақтындағы қатнасық хызметкер шахсты типологиялаўдың әҳмийетли критерияларына бири есапланады. Мәселен, базылар ҳәр қандай жол менен болса да жәнжеллерден узақырақ жүриўди абзал көреди, басқалар болса бирдей жантасады, үшинши адамлар болса аз ғана қурамалы шараятта да жәнжел шығарыўға, жәнжеллерге от таслаўға умтылады. Буннан тысқары, жәнжелли жағдайлардағы минез-қулық жумысшыниң мийнетке болған қатнасының көрсеткиши болыўы мүмкин. Мийнетке қатнас пенен жәнжелли ҳәрекетлер өзгешеликлери ортасында өз-ара байланыс вариантлары болыўы мүмкин, яғный:
1. Жақсы жумысшы жәнжеллерге жаман қатнаста болады, ол әсиресе қолайлы социаллық жағдайға мүтәжлик сезеди, жумыс шараятының нормал болыўын қәлейди. Жаман жумысшы болса жәнжелли жағдайларgа өш болады, өзи көбинесе жәнжел шығарыўға себепши болады.

    1. Жақсы хызметкер жәнжелли жағдайларға онша итибар бермейди, себеби ол толық жумыс пенен бәнт болады, оның дыққат-итибары тек ғана өндирис мақсетлерине қаратылған болады. Жаман жумысшы болса, бир қанша бос болып, көп ўақтын жәнжеллерге жумсайды, бул ҳәрекет (ис) оның жумыс орнында тийкарғы орын ийелейди.

    2. Жақсы жумысшы „жәнжеллер" егер ол мийнетти шөлкемлестириўге тийисли болса, оларға араласады, нәтийжеде унамлы тәрепке өзгериў жүз береди. Жаман жумысшыге болса бул мәнисте „жәнжеллер" керек болмайды.

Мийнет тараўындағы қатнасықтың ҳәр қыйлылығы көзде тутылып, бул дизимди және даўам етиў мүмкин.
Әдетте мийнет жәнжеллери унамсыз ақыбетлерге себепши болып, олар қатарына төмендеги жағдайларды киритиў мүмкин:

  • душпанлық кейпияты күшейеди, қайырхомлық жағдайлары ҳәм өз-ара баҳа бериўлер кемейип, адамлардың социаллық аўҳалы ҳәм мийнет тараўындағы өз-өзин аңлаўға зыян жетеди;

  • жумыс мәпи көз-қарасынан әмелий байланыслар зәрүр болыўына қарамай, жәнжел қатнасыўшыларының кейпияты жаманласып барыўы, қатнасық ҳәдден тысқары рәсмийлесип, ашық қатнасықлардан бас кешиў көзге тасланады;

  • мийнетке болған себеплер ҳәм мийнет ҳәрекетиниң ҳақыйқый көрсеткишлери жаман кейпият себепли онда унамсыз жағдайлар ҳәўиж алады;

  • өз-ара ҳәрекетлерде, дискуссия ҳәм байланысларда арзымаған себеплер менен қатнасықлар жаманласады;

  • басқалардың ҳәрекетлери, қәлеўлери ҳәм пикирлерине биле-тура қарсылық көрсетиў жүз береди (ҳәтте буған зәрүрлик болмаса да); қатнасық кери, яғный қарама-қарсылық тийкарында болады; билқастан ериншеклик етиў, өз-ара мәжбүриятларды орынламаў, өз-ара шәртнамаларды нәзерге илмеў жағдайлары көзге тасланады;

  • биле-тура ҳәм анық, мақсетти көзлеп қопал қатнасықта болады, яғный дәслепки қарар тапқан улыўма байланыслар ҳәм қатнасықлардың бузылыўына ҳәм оларға зыян жеткериўге умтылыў күшейеди; уйымласыўшаңлық, мәденият ҳәм дәстүрлерге зыян жетеди;

  • унамлы-социаллық бирдейликке „көз тийеди", бул топарға, шөлкемге тийислиликти қанаатланыў пайда болмайды, байланыслар ҳәм өз-ара қатнасықлар жаманласады;

  • ҳақыйқатта ўақыттың бийкар жумсалыныўы, жумыстан шығарыў ямаса қолайлы моменттен пайдаланбаў, гүресиў ҳәм дискуссия арқалы бир нәрсеге ериспекши болыў; күш ҳәм ғайратың душпанлық ҳәмде қарама-қарсылыққа бийкар жумсаў болыўы;

  • қандайда бир машқала шешиўден, түрли қәтеликлар жүз болады.

Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң жоқарыда санап өтилген унамсыз ақыбетлерин универсал көрсеткишлер, жәнжелли жағдайдың белгилери деп қараў мүмкин. Мийнет жәнжеллериниң өзи унамлы тәрепке де ийе болады, себеби олар арқалы көплеген мәселелер шешиледи ҳәм унамсыз ҳәдийселер сапластырылады.
Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң төмендеги унамлы функцияларын ажыратып көрсетиў мүмкин (13.3-сүўрет):


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling