1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар


Download 465.74 Kb.
bet7/20
Sana07.03.2023
Hajmi465.74 Kb.
#1246649
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   20
Bog'liq
elektronika lek

Р-n өтиў сыйымлылығы. Төмен частоталарда р-n өтиў токи тек электрон – ковак өтиўниң актив қарсылықлары ҳәмде ярым өткизгиштиң р ҳәм n –тараўларының қарсылығы (rБ) менен анықланады. Жоқары частоталарда р-n өтиўдиң инерциясы оның сыйымлылығы менен анықланады. Тийкарғыинде р-n өтиўдиң ики тийкарғы сыйымлылығы есапқа алынады: диффузия ҳәм тосық (барьер).
Туўры жалғанған р-n өтиўде қоңсы тараўларға тийкары болмаған заряд тасыўшылар инжекцияланады. Нәтийжеде р-n өтиўдиң жуқа шегараларында мәниси тәрепинен тең бирақ қарама-қарсы белгиге ийе болған қосымша тийкарғы болмаған заряд тасыўшылар QДИФ пайда болады. Кернеўлилик өзгерсе инжекцияланып атырған заряд тасыўшылар саны, демек заряд ҳәм өзгереди. Берилип атырған кернеўлик тәсириндеги бундай өзгериў, конденсатор қапламаларындағы заряд өзгериўине уқсайды. Базаға тийкарғы болмаған заряд тасыўшылар диффузия есабынан түскенликлери себепли, бул сыйымлық диффузия сыйымлығы деп аталады ҳәм төмендеги аңлатпадан анықланады
. (2.8)
(2.8) аңлатпадан қөнринип турғанындай, р-n өтиўден ағып өтип атырған ток ҳәм базадағы заряд тасыўшылардың жасаў ўақты қанша үлкен болса, диффузия сыйымлығы ҳәм сонша үлкен болады.
Еки электр қатламға ийе болған электрон – ковак өтиў зарядланған коденсаторға уқсайды. Өтиў сыйымлығы өтиў бетине S, оның кеңлиги ҳәм диэлектрик турақлысы менен анықланады. Өтиў сыйымлығы тосық сыймлығы деп аталады ҳәм төмендеги аңлатпадан анықланады
. (2.9)
Өтиўге кернеўлик берилсе, бул ўақытта өтиў кеңлиги өзгергенлиги себепли, сыйымлығыи ҳәм өзгереди. Сыйымлықтан берилип атырған кернеўлик U мәнисине байланыслығы төмендегише
. (2.10)
Туўры жалғанған өтиўде оң белгиси, кери жалғанған болса терис белги алынады. СБ берилип атырған кернеўликке байланыслығы себепли р-n өтиўи өзгериўшең сыйымлы конденсатор сыпатында қоллаў мүмкин.
Туўры кернеўлик берилгенде диффузия сыйымлығы тосық сыйымлығынан бирқанша үлкен болады, терис кернеўликте болса терис. Соның ушын туўры кернеўлик берилгенде р-n өтиў инерциясы диффузия сыйымлығы менен, терис жалғанғанда тосық сыйымлығы менен анықланады.

Download 465.74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling